Бразилия инфектология жәмийети COVID-19ды емлеўде гидроксихлорохиннен пайдаланбаўға шақырмақта. Шөлкемниң тарқатқан хабарында айтылыўынша, коронавирусқа шалынған Бразилия президенти Жаир Болсонару ҳәзир мине усы препаратты қабыл етпекте.
«COVID-19ды емлеўде қолланылып атырған гидроксихлорохин пайдаланыўдан тез алып тасланыўы керек»,-делинеди билдириўде.
Илимпазлар мәмлекет денсаўлықты сақлаў министрлигин коронавирусқа шалынған нўқасларды емлеў сиясатын қайта көрип шығыўға шақырды. Олар мәмлекетлик қаржыларды нәтийже бермейтуғын ҳәм кейин ала инсан саламатлығына зыян келтиретуғын препаратларға жумсамаў кереклигин атап өтпекте.
Ҳәзирги ўақытта Болсонару кеселимди емлеўде жәрдем берип атыр, деп гидроксихлорохинди қабыл етпекте. Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ЖДСШ) гидроксихлорохинди COVID-19 ға қарсы гүресте қолланылатуғын дәрилер қатарынан алып таслаған. Июнь айының басларында Оксфорд университетиниң илимпазлары да бул препарат коронавирусты емлеўге жәрдем беретуғынын тастыйықлаған ҳеш бир дәлийллди таба алмағанын мәлим еткен еди. Изертлеўлер соны көрсетпекте, гидроксихлорохинди қабыл еткен наўқаслардың 25,7 проценти 28 күн ишинде қайтыс болған. Оны қабыл етпеген наўқаслардың болса 23,5 проценти қайтыс болған.
АҚШ Денсаўлықты сақлаў миллий институты (NIH) да коронавирусты емлеўде қолланылатуғын дәрилер сыпатында гидроксихлорохинниң клиникалық сынағын тоқтатып қойған еди.
ӨзА