Жаңа оқыў жылы ушын 5-класс Биология сабақлығы жаратылды. Жаңа сабақлықтан тек ғана өсимликлер дүньясына тән темалар орын алған. Биологияның барлық бөлимлерине байланыслы дәслепки түсиниклер берилди.

5-класс Биология сабақлығы билимлендириўи раўажланған мәмлекетлердеги оқыў бағдарламасын таллаўлар тийкарында дүзилди. Бунда Кембридж университети баспасы тәрепинен 5-класс ушын басып шығарылған сабақлық темаларынан да пайдаланылды.

Әмелдеги сабақлық 6 бап, 31 темадан ибарат болып, лаборатория шынығыўлары ҳәм әмелий сабақлар ушын өз алдына саат ажыратылмаған еди.

Қайта басылып шыққан Биология сабақлығы оқыўшылардың әмелий көнликпелерин раўажландырыўға қаратылған болып, 3 бөлим 18 темадан ибарат. 34 сааттың 18 сааты теориялық, 16 сааты әмелий сабақларға ажыратылған.

 

ӨзА