Россиядағы тиккелей инвестициялар фондының (РТИФ) мәлим етиўинше, коронавирусқа қарсы Россияда ислеп шығарылып атырған вакцина жаздың ақырларында гүздиң басларында тастыйықланады.
Усы фондтың басшысы Кирилл Дмитриевтиң «Россия 1» каналына мәлим етиўинше, ҳәзир Гамалея институтында вакцина ислеп шығарыўды жолға қойыў үстинде жедел жумыс алып барылмақта.
Дмитриев сондай-ақ, COVID-19ға қарсы қолланылып атырған Россияның «Авифавир» ҳәм Американың «Ремдесивир» дәрилерин салыстырды. Оның айтыўынша, Россияда ислеп шығарылған препарат «Ремдесивир»ден нәтийжелирек ҳәм арзан, қалаберди ол инъекция ушын ампула түринде емес, ал таблетка көринисинде жеткерип бериледи.
Хабарда айтылыўынша коронавирусқа қарсы вакцина ҳәзир Россия қорғаныў министрлигине қараслы Бурденко атындағы госпитальда ҳәм Сеченовск медицина университетинде кеўиллилерде сынап көрилмекте.
Қорғаныў министрлигиниң мәлим етиўинше, вакцинаның клиникалық сынаўы жуўмақланбақта жетпекте. 15-июльде шыпакерлер кеўиллилердиң биринши топарына жуўап береди. Қорғаныў министрилигиниң мағлыўматына бола, олардың жағдайы ҳәзир жақсы, «денсаўлығынан шағымы жоқ, унамсыз реакция ямаса кеўилсиз жағдайлар көзге тасланбаған».
ӨзА