Швециялы илимпазлар балалардың коронавирусқа шалыныўы итималында итибар берилиўи әҳмийетли болған белгилерге анықлық киргизди.

«РБК-Украина» хабарында айтылыўынша, жоқары температура, жөтел ҳәм тумаў, айырым жағдайларда асқазан-ишек тараўында бузылыўлар-инфекцияның әдеттеги белгиси болады.

Бирақ булардан тысқары бир қанша аўыр белгилер де бақланыўы мүмкин, онда дәрриў шыпакерге мүрәжат етиў зәрүр болады.

Булар-дем алыўдың қыйынласыўы, ҳәлсизлик ҳәм суў ишпей қалыў сыяқлылар.

Қәнигелердиң пикиринше, «COVID-19» балаларда, әдетте, симптомларсыз, 96 процентке жеңил түрде өтеди. Бирақ соған қарамастан, балаларға айрықша итибар бериў талап етиледи.

 

ӨзА