«Улыўма орта билим бериў мәкемелеринде «Тәрбия» пәнин басқышпа-басқыш әмелиятқа енгизиў илажлары ҳаққында» Ҳүкимет қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң “Huquqiy axborot” telegram каналында хабар берилди.

Қарарға муўапық, улыўма орта билим бериў мәкемелеринде «Әдепнама», «Ўатан туйғысы», «Миллий ғәрезсизлик идеясы ҳәм руўхыйлық тийкарлары» ҳәм «Дүнья динлери тарийхы» пәнлерин бирлестирген ҳалда «Тәрбия» пәни 1-9-классларда – 2020/2021-оқыў жылынан, 10-11-классларда болса 2021/2022-оқыў жылынан баслап пәнлерге ажыратылған улыўма саатлар шеңберинде басқышпа-басқыш әмелиятқа енгизиледи.

«Тәрбия» пәнинен сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық комплекслер жаңа оқыў жылы басланғанға шекем басып шығарылып, орынларға жеткериледи.

2020-жыл июль айынан баслап жаңа оқыў жылы басланғанға шекем улыўма билим бериў мектеплериндеги «Баслаўыш тәлим», «Миллий идея ҳәм ҳуқық», «Тарийх» ҳәм «Динтаныў» қәнигелигине хызметкерлерди қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайларында «Тәрбия» пәнинен онлайн тәризде мақсетли қәнигелигин арттырыў курслары шөлкемлестириледи.

«Тәрбия» пәнинен сабақлықлар ҳәм оқыў комплекслерин сатып алыў және жеткерип бериў қәрежетлери республикалық бюджет ҳәм халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық мақсетли китап қорының қаржылары есабынан қапланады.

Қарар менен улыўма орта билим бериў мәкемелериниң оқыўшылары ушын «Тәрбия» пәниниң концепциясы тастыйықланды.

 

ӨзА