Өзбекстан Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Халық дипломатиясы орайының жумыс баслағанына еки жыл толды. Миллий баспасөз орайында усы мүнәсибет пенен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын брифинг шөлкемлестирилди.

Өзбекстанда ШБШ Халық дипломатиясының орайы 2018-жыл 26-июньде Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен ашылған. Орай жумысының тийкарғы бағдарлары етип ШБШ мәмлекетлери арасында өз-ара исеним ҳәм жақсы қоңсышылықты, миллетлераралық ҳәм динлераралық татыўлықты беккемлеў, шөлкемге ағза мәмлекетлер менен мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиў, жәмийет, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар шөлкемлери арасында дослық бирге ислесиў орталығын енгизиў белгиленген.

Ҳәзирги мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыўда орай ШБШ мәмлекетлериниң Ташкенттеги дипломатиялық ўәкилханалары, БМШ, ЕҚБШ, ЮНЕСКО сыяқлы ири халықаралық шөлкемлер, сондай-ақ, басқа да көплеген сырт ел структуралары менен турақлы сөйлесиў орнатқан.

Өткен дәўир даўамында орай тәрепинен халықлар арасындағы өз-ара исеним ҳәм дослықты беккемлеў мақсетинде мәденият, билимлендириў, илим ҳәм техника тараўларында көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған бир қатар илажлар шөлкемлестирилди. «Дүнья балалардың нәзеринде» сүўретлер көргизбеси, 1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни алдынан шөлкмелестирилген «Реңлердиң сыйқырлы дүньясы» балалар сүўретлер онлайн-көргизбеси, Екинши жер жүзилик урыста ерисилген Жеңистиң 75 жыллығына бағышланған «Халықтың естелиги муқаддес», деп аталған архив фотосүўретлер көргизбеси, ШБШ шөлкемлестирилгениниң 19 жыллығы алдынан елимиздеги жоқары оқыў орынларының студентлери арасында шөлкемлестирилген «Халық дипломатиясы – жәҳәнде тынышлыққа қарай жол!» темасындағы онлайн-шығармалар таңлаўы, ҳәр қыйлы әҳмийетли темалардағы дөгерек сәўбетлери, илимий-әмелий семинарлар, спорт жарыслары, кино ҳәптелиги ҳәм басқа да илажлар усылардың қатарына киреди.

Итибарлысы, Халық дипломатиясы орайының басламасы менен өткерилип атырған илажларда қатнасыўшылардың көпшилиги балалар ҳәм жаслар. Демек, структура жумысынан гөзленген тийкарғы мақсетлерден бири жасларға халық дипломатиясының мазмун-мәнисин түсиндириў, түрли мәмлекетлердиң мәденияты, дәстүрлери, дини ҳәм турмыс тәризи ҳаққында мағлыўматлар бериў, қалаберсе, еркин пикирлейтуғын ул-қызларды қоллап-қуўатлаў ушын шараятлар жаратыў болып есапланады.

Буннан тысқары, орай тәрепинен COVID-19 ға қарсы гүресиўде ҳақыйқый қаҳарманлық көрсетип атырған медицина, ҳуқық-үгит-нәсиятлаў системасы хызметкерлери, әпиўайы кеўиллилер ҳаққында материаллар таярланып, жергиликли ҳәм сырт ел ҒХҚда басып шығарылмақта. Атап айтқанда, «Заманымыз қаҳарманлары» рубрикасы астында берилген мақалаларда мийирбийке Фотима Хусанова, профилактика инспекторы Отабек Бегматов, кеўилли Сибел Ризаева, Миллий гвардия сержанты Ҳусниддин Суяровлар ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етилген.

Конференция даўамында журналистлер Өзбекстанда ШБШ Халық дипломатиясы орайының басламасы менен әмелге асырылған және бир қызықлы жойбардан хабардар болды. Орайдың дөретиўши хызметкерлери тәрепинен таярланған «Сегиз елдин сексен сегиз ертеги» атлы ШБШға ағза мәмлекетлердиң халық ертеклери, «Сегиз елдиң сексен уллы тулғасы» ҳәм «Сегиз елдиң сегиз мың үгит-нәсияты» атлы ШБШ мәмлекетлериниң уллы илимпаз ҳәм ойшыллары ҳаққында мағлыўматлар ҳәм халық нақыл-мақаллары жыйналған китаплар, сондай-ақ, ШБШға ағза мәмлекетлердиң почта маркалары естелик альбомы усынылды.

Бир сөз бенен айтқанда, ШБШ мәмлекетлери ҳәм халықлары арасындағы мәдений-гуманитарлық байланысларды, дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларды беккемлеўге бағдарланған анық жойбарлар регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириў, ашық сәўбет ушын қолайлы шараят жаратыўға хызмет етеди.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы