Соңғы ўақытларда социаллық тармақлар ҳәм интернет сайтларында айрым сырт ел авиакомпаниялары усы жылдың 1-июль сәнесинен баслап Өзбекстанға турақлы авиарейслерди қайта тиклеўи ҳәм сол себепли авиабилетлерди сатыў басланғаны ҳаққындағы хабарлар тарқалмақта. Бул жағдай бойынша ӨзР Транспорт министрлиги төмендегилерди мәлим етип билдиреди.

 

Кризиске қарсы гүресиў бойынша республикалық комиссиясы және Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша Республикалық арнаўлы комиссияның 2020-жыл 14-июньдағы қоспа жыйналысының 29-санлы протоколына муўапық, республика аймағында күшейтилген санитариялық-гигиеналық қабағалаў усы жылдың 1-август күнине шекем сақланып қалынатуғыны белгиленген. Бунда күшейтилген санитариялық-гигиеналық қадағалаў дәўиринде Республикалық арнаўлы комиссияның қарарлары тийкарында енгизилген коронавирус инфекциясы кең тарқалыўының алдын алыўға бағдарланған барлық шеклеўши илажлар сақланып қалады.

 

Сонлықтан, Транспорт министрлиги тәрепинен сырт мәмлекетлердиң авиациялық администрацияларына Өзбекстан Республикасына авиакомпаниялардың турақлы авиарейслерин әмелге асырыўға еле рухсат берилмегени ҳаққындағы ноталар жиберилген.

 

Ҳәзирги ўақытта Республикалық арнаўлы комиссияның 29-санлы протоколына муўапық, санитариялық-эпидемиологиялық жағдай турақлы болған және коронавирус инфекциясы менен наўқасланыў жағдайлары азайған мәмлекетлер менен «жасыл», «сары» ҳәм «қызыл» рейслерге ажыратылған ҳалда турақлы рейслерди қайта тиклеў бойынша жумыс алып барылмақта.

 

Усы орында министрлик жолаўшыларға ҳәр қыйлы авиакомпаниялардың Өзбекстанға турақлы рейслерди баслаўы ҳаққындағы тарқатылып атырған рәсмий түрде тастыйықланбаған хабарларға исенип, авиабилетлерди сатып алмаўды еслетип өткен.

 

Турақлы рейслер тикленгенге шекем тек ғана Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен тастыйықланған рейслер кестесине муўапық чартер рейслери әмелге асырылады.

 

Өзбекстан Республикасына турақлы авиарейслердиң қашаннан баслап тиклениўи бойынша Республикалық арнаўлы комиссияның қарары қабыл етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.