Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигинде «Күшли социаллық қорғаў: мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм мәмлекетлик шөлкемлердиң бирге ислесиўи» темасында өткерилген республикалық әмелий әнжуманында усы сораў ортаға тасланды.

Видеоәнжуман түринде болып өткен илажда шаңарақтағы мәнаўий орталықты жақсылаўда республикамыздағы 9  мың 478 мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми және пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының қатнасыўын және де жеделлестириў, кеңейтиў мәселелери қызғын додаланды.

Ҳәзирги күнде республикамызда 8 миллион 200 мың шаңарақ бар. Кейинги жылларда халық арасында шаңарақлық ажырасыўлардың саны азайған болса да, мәселе әҳмийетли екенлигинше қалмақта. Яғный, дизимге алынған некелердиң 10 проценти ажырасыўлар менен жуўмақланбақта. Атап айтқанда, өткен жылы ажырасыўлардың саны 31,3 мыңды қурап, 2018-жылға (323 мың) салыстырғанда 3 процентке азайған. 2020-жылдың январь-май айларында болса шаңарақлық ажырасыўлардың саны 9,4 мыңнан артқан.

Мәлим етилиўинше, шаңарақлық ажырасыўлардың ҳәр үштен бири некениң дәслепки он жылы ҳәм оннан аслам болған дәўирине туўра келмекте. Ҳәр жылы некени бийкар етиў бойынша судларға етилген мүрәжатлардың ярымынан көбиси қанаатландырылмақта.

^йрениў нәтийжелерине бола, оның тийкарғы себеплери социаллық-экономикалық машқалаларға барып тақалмақта. Яғный, шаңарақтағы өз-ара мүнәсибетлерге ата-ана ҳәм басқа да  туўысқанлардың орынсыз араласыўы, ерли-зайып минезиниң өз-ара сәйкес келмеўи, олардан бири зыянлы әдетлерге әмел етиўши сыяқлы көплеген себеплер ажырасыўларға алып келмекте.

Бүгинги күнде күшли социаллық қорғаўға мүтәжлик күшеймекте. Онда көплеген ўазыйпаларды орынлаў мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң жуўапкершилигинде болып есапланады. Елимизде алып барылып атырған реформаларда МКШлар имканиятынан көбирек пайдаланыў зәрүрлиги туўылмақта.

Әнжуманда шаңарақлардың жәмийеттеги орнын және де беккемлеў ҳәм турақлылығын  тәмийинлеў, шаңарақтың социаллық-мәнаўий орталығын саламатландырыў, жаслар арасында руўхый-ағартыўшылық профилактикалық илажларды күшейтиў, ажырасыўлардың  алдын алыўда МКШлар менен бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған бир қатар мәселелер додаланды.

Неке ҳәм шаңарақ мәселелерине байланыслы түсиндириўлер, диний тәрбия қәлиплесиўинде мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң өз-ара бирге ислесиўи, Әдиллик министрлигиниң социаллық қорғаў ҳәм шаңарақтың беккемлигин тәмийинлеўдеги орны, «Өзиңди аңла, әдеп сақла» сүрени шеңберинде жасларды еркин турмысқа тәрбиялаў зәрүр. Жаўызлыққа ушыраған ҳаялларды социаллық, ҳуқықый қорғаў, басқарыўда хаял-қызлар тараўындағы мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң бирге ислесиўин тәмийинлеў зәрүр. Халықтың социаллық қорғалыўы ушын мәмлекетлик, мәмлекетлик емес шөлкемлердиң барлығы жуўапкер.

 

Барно МЕЛИҚУЛОВА,

ӨзАның хабаршысы