Сыртқы билимлендириў бағдарларына ажыратылған 75 орынның барлығы оқыўын тек ғана төлемли-контракт тийкарында әмелге асырады.

2020-2021-оқыў жылы ушын Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы бакалавр (сыртқы) бағдарлары төмендегилерден ибарат:

5150203 – Көркем өнертаныў: (Сахна ҳәм экран көркем өнери драматургиясы) ) (улыўма 25 орын);

5151700 – Мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў (улыўма 25 орын);

5350600 – Китапхана-мәлимлеме жумысы: (Китапханашылық ҳәм библиография) (улыўма 25 орын).

 

Қабыллаў комиссиясы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги