Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң усы жыл 22-июнь күнги мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстанда коронавирус пенен наўқасланғанлардың улыўма саны 143 болып, үш күннен берли турақлылық сақланбақта. Соннан 136 наўқас кеселликтен толық емленген, 7 наўқас емленбекте.

Ҳәзирги ўақытта 373 пуқара медициналық бақлаўға алынған. Соннан 42 пуқара арнаўлы карантин орынларында, 331 пуқара үйлеринде бақлаўда турыпты.

Усы күнге шекем 26 мың 742 пуқара коронавирусқа тексерилген.

Мәмлекетимизге сырт еллерден кирип киятырған халықаралық ири жүк автотранспорт айдаўшыларында коронавирус инфекциясына тексериў жолға қойылған. Усы күнге шекем «Даўыт ата» шегара постынан өткен 4806 пуқара лабораториялық усылда тексерилген.

Карантин талапларын бузғанлығы ушын 12943 пуқараға ҳәкимшилик шара көрилген болса, 2 пуқараға жынайый ис қозғалған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги