КӨШПЕЛИ ҚАБЫЛЛАЎ

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жуўаплы хызметкерлери тәрепинен Беруний районында көшпели қабыллаў болып өтти.

Беруний, Әмиўдәрья, Төрткүл ҳәм Елликқала районларының пуқаралары қатнасқан илажда 18 мәселе көрип шығылып, соннан он мүрәжат сол жердиң өзинде шешимин тапты. Қосымша үйрениў талап етилетуғын 5 мүрәжат көрип шығыў ушын тийисли тараў басшыларына тапсырылды.  Қалған үш мүрәжат бойынша ийелерине толық түсиник берилди.

Усы күни пуқаралардан тийкарынан пуқаралық алыў, биометрикалық паспортты рәсмийлестириў, тергеўге шекемги тексериў ҳәм сорастырыў ҳәрекетлеринен наразылық мәселелери менен бир қатарда карантин дәўиринде ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң пидәкерлик мийнетине миннетдаршылық билдирилди.

Илаж даўамында 16 жасқа толған 8 жасқа пуқаралық паспорты тапсырылды. Буннан тысқары,  Беруний районы 3-сектор аймағында жасаўшы, майыплығы болған пуқара Г.Утемуратоваға майыплық арбашасы саўға етилип, жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақларға күнделикли азық-аўқат затлары берилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы