Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Елимизде мәмлекетлик уйымлардың халық пенен қарым-қатнасын жетилистириў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў және олардың машқалаларын шешиўдиң заманагөй механизмлерин енгизиў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, бул тараўда реформалардың ҳәзирги басқышы мәмлекетлик уйымларда тартысларды судқа шекем көрип шығыўдың бирден-бир системасын жаратыў, медиация, ҳәкимшилик судлар және халықаралық арбитражларды пуқаралар менен исбилерменлердиң исенимине ерисетуғын тартысларды шешетуғын нәтийжели альтернатив институтларға айландырыў зәрүрлигин талап етпекте.
Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў системасын жетилистириў, тартысларды шешиўдиң альтернатив имканиятларын кеңейтиў, сондай-ақ, судларда жумыс көлемин оптималластырыўда медиация институты, ҳәкимшилик судлары ҳәм халықаралық арбитражлардың ролин түп-тийкарынан арттырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси ҳәм Пуқаралық процессуал кодексине муўапық жумысты судта көриўге таярлаў ўақтында судья тәреплерден келисим шәртнамасын дүзиў итималын ямаса тартысты шешиўдиң альтернатив усыллары итималын анықлайтуғыны ҳәм олардың ҳуқықый ақыбетлерин түсиндиретуғыны;
ҳуқықый жәмийетте тартысты шешиўдиң альтернатив механизмлериниң жаратылыўы физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң бузылған ҳуқықларын тиклеўге ерисиўдиң нәтийжели қуралы сыпатында баҳаланатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң 2020-жыл 1-августтан баслап эксперимент сыпатында:
Мәмлекетлик бажыхана комитети, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры және Наманган, Бухара ҳәм Ташкент ўәлаятларының ҳәкимликлери жанында физикалық ҳәм юридикалық тәреплер менен мәмлекетлик уйымлар арасындағы тартысларды судқа шекем шешиў бойынша апелляция кеңеслерин (кейинги орынларда – Апелляция кеңеси) шөлкемлестириў ҳаққындағы;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мәмлекетлик уйымлар ямаса лаўазымлы шахслардың нызамсыз ис-ҳәрекетлери (қарарлары) ямаса ҳәрекетсизлиги нәтийжесинде өз ҳуқықлары ҳәм еркинликлери және нызам менен қорғалатуғын мәплери бузылғанлығы ҳаққындағы мүрәжатлары Апелляция кеңеси тәрепинен көрип шығылыў тәртибин орнатыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
Бул тәртип физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң бундай жумыслар бойынша тиккелей басқа да ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға мүрәжат етиў ҳуқықын бийкарламайтуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер Апелляция кеңесиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
физикалық ҳәм юридикалық тәреплер және мәмлекетлик уйым арасында жүзеге келетуғын тартысларды судқа шекем көрип шығыў ҳәм шешим қабыл етиў арқалы оларды шешиў илажларын көриў;
мүрәжатты көрип шығыўда нызам ҳүжжетинде ҳәр қыйлы талқыланыўы мүмкин болған нормалар анықланған, ол әмелиятта надурыс ямаса қарама-қарсы түрде қолланылған жағдайда, оларды белгиленген тәртипте рәсмий түсиндириўди шөлкемлестириў бойынша илажларды көриў;
мүрәжатты көрип шығыўда анықланған нызам ҳүжжетлериндеги бослықларды сапластырыў бойынша усынысларды киргизиў.
- Апелляция кеңесиниң қурамы тийисли мәмлекетлик уйым басшысының қарары менен еки ярым жыл мүддетке тастыйықланатуғыны;
Апелляция кеңеси 7 ден 11 ге шекемги ағзалардан ибарат қурамда дүзилиўи мүмкин екенлиги;
Апелляция кеңеси ағзалығына әмелий тәжирийбеге ҳәм абырай-мәртебеге ийе мәмлекетлик уйымның орайлық аппаратты структуралық бөлимлериниң басшылары ҳәм хызметкерлери, сондай-ақ, тараўда үлкен әмелий тәжирийбеге ҳәм илимий потенциалға ийе болған абырайлы пуқаралар қабыл етилетуғыны. Онда, мәмлекетлик уйымның орайлық аппараты структуралық бөлимлериниң басшылары ямаса хызметкерлери есапланбаған Апелляция кеңеси ағзалары жәми Кеңес ағзаларының бестен бир бөлегинен артып кетпеўи зәрүр екенлиги;
Апелляция кеңеси онда көрип шығылып атырған мәселелер бойынша усыныслық түрге ийе болған шешим қабыл ететуғыны. Апелляция кеңеси тәрепинен қабыл етилген шешим үш күн мүддетте мәмлекетлик уйымның басшысына көрип шығыў ушын, басқа мәпдар тәреплерге мағлыўмат ушын жиберилетуғыны;
Апелляция кеңесиниң шешимин қабыл етип алған мәмлекетлик уйымның басшысы ямаса оның орынбасары оны есапқа алыўы ямаса жазба тийкарланған түрде бийкар етиўи мүмкин екенлиги. Онда мәмлекетлик уйымның басшысы ямаса оның орынбасары қабыл еткен қарар ҳаққында үш күн мүддетте Апелляция кеңесин ҳәм тәреплерди жазба ямаса электрон түрде хабардар ететуғыны белгиленсин.
- Физикалық ҳәм юридикалық тәреплер ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасындағы тартысларды судқа шекем шешиў бойынша апелляция кеңеси ҳаққындағы реже қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги (Р.Давлетов, М.Икрамов):
Апелляция кеңеси шөлкемлестирилип атырған мәмлекетлик уйымлардың бул бағдардағы жумысын турақлы түрде мониторинг етип барсын ҳәм системаның нәтийжели ислеўин тәмийинлеў мақсетинде оларға әмелий методикалық жақтан жәрдемлессин;
2020-жыл 1-июльге шекем усы қарардың 2-бәнтине тийкарланып енгизилип атырған эксперимент нәтийжелерин кең көлемде таллаған ҳалда, оны кейин ала басқа мәмлекетлик уйымларда да енгизиўдиң мақсетке муўапықлығы бойынша Министрлер Кабинетине тийкарланған усынысларды киргизсин.
- Төмендегилер:
таласларды альтернатив усылда шешиў менен шуғылланатуғын профессионал медиаторлардың өз-ара бирлесиўине тийкарланған Медиация орайы ;
профессионал медиаторлар, ҳәкимшилик судлары ҳәм халықаралық арбитражлардың өз-ара бирлесиўине тийкарланған Келиспеўшиликлерди альтернатив усылда шешиў орайы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем сыпатында шөлкемлестиретуғыны ҳәм жумыс ислеўи мүмкин екенлиги белгиленсин.
- Медиация орайы ҳәм Тартысларды альтернатив усылда шешиў орайының (кейинги орынларда – Орайлар) тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
медиация, ҳәкимшилик судлары ҳәм халықаралық арбитраждың жумысына тартысларды альтернатив усылда шешиў тәртип-қағыйдасын әмелге асырыў ушын шараят жаратыў;
медиация, ҳәкимшилик суды ҳәм халықаралық арбитраждың жумысларын көриў менен байланыслы процесске араласпаў принципи тийкарында жумыс алып барыў;
медиация, ҳәкимшилик судлары ҳәм халықаралық арбитраж тараўларында қәнигелерди таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў ушын оқыў курсларын шөлкемлестириў. Онда, медиаторларды таярлаў 72 сааттан көп болмаған оқыў курслары бойынша әмелге асырылады ҳәм оларды табыслы жуўмақлаған тыңлаўшыларға сертификат бериледи;
медиация ҳәм тартысларды альтернатив шешиўдиң басқа усылларының раўажланыўы ҳәм кең ен жайылыўына жәрдемлесиў, бул тараўда семинарлар, тренинглер ҳәм конференциялар шөлкемлестириў.
- Орайлар:
а) тыңлаўшыларға билим бериўди шөлкемлестириў ушын:
шәртнама тийкарында жоқары билимлендириў мәкемелериниң маман педагогларын, сондай-ақ, миллий ҳәм сырт ел медиаторлары, ҳәкимшилик судьяларын ҳәм арбитрларды және министрликлер ҳәм уйымлардың маман қәнигелерин тартыўы мүмкин екенлиги;
жетекши сырт ел медиация ҳәм арбитраж орайлары менен бирге ислесиўди жолға қойыўы, тартысларды альтернатив усылда шешиў тараўында тәжирийбе алмасыўы, сондай-ақ, тартысларды шешиўге сырт ел медиаторлары менен арбитрларын тартыўы мүмкин екенлиги;
б) медиация, ҳәкимшилик суды ҳәм халықаралық арбитраж жумысы бойынша әдиллик уйымларына есаплар тапсырыўдан азат етилетуғыны;
в) жоқары мағлыўматқа ийе басшыны қосып есаплағанда кеминде бес хызметкерге ийе болыўы керек екенлиги белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги (Р.Давлетов, М.Икрамов):
а) профессионал медиаторлар, ҳәкимшилик судлар ҳәм хаықаралық арбитражлар арасында турақлы түрде Орайлар шөлкемлестирилиўиниң унамлы тәреплери ҳаққындағы үгит-нәсиятлаў жумысларын ҳәм бул бағдардағы жумысты мониторинг етип барсын және ҳәр шеректе әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Администрациясына мәлимлеме киргизип барсын;
б) еки ай мүддетте алдынғы сырт ел тәжирийбесинен келип шығып:
медиаторлар таярлаў бойынша оқыў курсларының жаңа үлгидеги бағдарламасын ислеп шықсын;
Бас прокуратура менен биргеликте медиация институтының жынаят процесине енгизилиўи мақсетке муўапықлығы бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Президентиниң Администрациясына киргизсин.
- Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети ҳәм Юристлердиң қәнигелигин арттырыў орайының олардың шөлкемлестириўинде Ташкент медиация орайын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги (Р.Давлетов, М.Икрамов) Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети ҳәм Юристлердиң қәнигелигин арттырыў орайы менен биргеликте Ташкент медиация орайының жумысын шөлкемлестириў және 2021-жыл 1-январьға шекем Ташкент медиация орайын дүньяның медиация институты раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесинен келип шығып, таярланған имарат ҳәм үскенелер менен тәмийинлеў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте Ташкент қаласында:
2020-жыл 1-июльден баслап, экспертимент сыпатында, мәмлекетлик хызметлер орайларының имаратларында тартысыўшы пуқараларға медиатор хызметинен пайдаланыў ушын өз алдына ханаларды ажыратсын;
эксперименттиң унамлы нәтийжелери тийкарында 2021-жыл 1-апрельге шекем бул әмелиятты барлық мәмлекетлик хызметлер орайларының имаратларында қолланыў бойынша Министрлер Кабинетине тийкарланған усынысларды киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги бир ай мүддетте белгиленген тәртипте профессионал медиаторлықты кәсип сыпатында Хызметкерлердиң тийкарғы лаўазымлары ҳәм жумысшылардың кәсиплери классификаторына киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси, Жоқарғы суд Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте профессионал медиаторлар ҳәм ҳәкимшилик судларының реестрлерине киргизилген профессионал медиаторлар және ҳәкимшилик судының судьялары ҳаққындағы мағлыўматлардың барлық суд имаратларында жайластырылыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажларды көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги (Р.Давлетов, М.Икрамов) турақлы түрде:
Жоқарғы суд, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги жанындағы Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас бойынша «Эл-юрт умиди» қоры менен биргеликте профессионал медиаторлар, ҳәкимшилик судьяларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўға жуўапкер хызметкерлер ушын тартысларды судқа шекем шешиў бойынша алдынғы тәжирийбени раўажланған сырт еллерде үйрениўди шөлкемлестирсин;
Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги және Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте ғалаба хабар қуралларында тартысларды шешиўде медиация, ҳәкимшилик судлары ҳәм халықаралық арбитраж институтының абзаллықларына бағышланған социаллық роликлер, көрсетиўлер ҳәм еситтириўлерди эфирге жибериў және халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң итибарына жеткериў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Әдиллик министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте 2021/2022 оқыў жылынан баслап тийисли жоқары билимлендириў мәкемелеринде алдынғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында медиация, ҳәкимшилик суды ҳәм халықаралық арбитраж тараўлары ушын тартысларды шешиўдиң альтернатив бағдарларына байланыслы болған магистратура қәнигеликлерин шөлкемлестириў бойынша Министрлер Кабинетине тийкарланған усынысларды киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары У.Ш.Ташходжаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 17-июнь