Қарақалпақстан Республикасы ИИМ мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, усы жылдың 14-июнь күни Нөкис қаласы аймағында халық арасында карантин қағыйдаларына әмел етилиўи бойынша қадағалаў алып барыў мақсетинде Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының Қарақалпақстан Республикалық бөлими, Миллий гвардия ҳәм Нөкис қалалық Ишки ислер уйымлары жумысларын муўапықластырыў басқармасының ҳуқықбузарлықлар профилактикасы топары таяныш пунктиниң профилактика инспекторы, аға лейтенант Р.Бекимбетовлардан ибарат топар саат 11:30 ларда Нөкис қаласы Х.Абдамбетов көшеси бойындағы «Гөне қала» мәҳәллеси аймағындағы автомобиль турыў орны әтирапында тексериў жумысларын алып барып атырған ўақытларда, сол жерде тоқтап турған, «Матиз» маркалы такси автомашинасының басқарыўшысы, Нөкис қаласында жасайтуғын, 1997-жылы туўылған пуқара У.М.ның медициналық нықапты тақпаған ҳәм такси басқарыўшылары ушын белгиленген арнаўлы комбинезон киймеген ҳалда карантин қағыйдаларына әмел етпестен жумыс алып барып атырғаны анықланған.
Жағдай бойынша Санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының хызметкери сорастырыў жумысларын алып бармақшы болғанында, У.М. хызметкерлердиң нызамлы талапларына бойсынбастан, оларға жедел түрде қарсылық көрсетип, өзиниң ҳәрекетлери менен сол жерде болған басқа адамлардың итибарын тартқан. Усы жағдай видеокөринисте сәўлеленген.
Нәтийжеде жағдай турақлыластырылып, қағыйда бузған пуқараға Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң тийисли статьялары менен протокол рәсмийлестирилген.
Ҳәзирги ўақытта Нөкис қалалық Ишки ислер уйымлары жумысларын муўапықластырыў басқармасының ҳуқықбузарлықлар профилактикасы топары таяныш пунктиниң профилактика инспекторы, аға лейтенант Р.Бекимбетовтың ис-ҳәрекетлерине нызамлы баҳа бериў бойынша хызмет тексериўи тайынланған, деп жазады ӨзР ИИМ мәлимлеме хызмети.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.