Күнлер ысығаны сайын қала халқы шетки таўларға саяхатқа шығыўға асығады. Таўлы, саяманлы аймақларда жергиликли туризм жанланады. Ҳәзирги пандемия дәўиринде адамларға жеке автомобильлеринде қоңсы ўәлаятларға саяхатқа шығыўға руқсат етиле ме?

Республикалық арнаўлы комиссияның  2020-жыл 29-майдағы 26-санлы мәжилис протоколына бола, жеке автотранспорт қуралларының ўәлаятлараралық ҳәрекетлениўине жол қоймаў белгиленген. Бирақ, Ташкент қаласынан Ташкент ўәлаятына және Ташкент ўәлаятынан Ташкент қаласына кирип-шығыў буған кирмейди. Бул ҳаққында Uzbektourism.uz мәлим еткен.

 

ӨзА