«Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи лазым» сүрени менен сектор басшылары тәрепинен орынларда бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетлик салық басқармасының баслығы Нөкис қаласындағы 4-сектор аймағында кәмбағаллықты қысқартыў, кем тәмийинленген ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларға жәрдем көрсетиў, исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бағдарында сектор басшысы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Пандемия дәўиринде аймақтағы 947 кем тәмийинленген ҳәм карантин ўақтында дәраматын жойтқан социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға күнделикли зәрүр болған баҳасы 221 миллион 505 мың сумлық азық-аўқатлық өнимлер ҳәм дәри-дәрмақлар тарқатылған. Сондай-ақ, жәрдемге мүтәж шаңарақларға қаржылай жәрдемлер де көрсетилген.

Соның менен бирге, пандемия дәўиринде дәраматын жойтқан социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақ ағзаларынан 419 пуқара мәўсимлик жәмийетлик жумыслар менен тәмийинленди.

– Қыйыншылықларға дус келсек ямаса жәрдемге зәрүр болған ўақытларымызда мәҳәлле ямаса сектор басшыларына мүрәжат етемиз. Мүрәжатларымыз ҳәр тәреплеме үйренилип, зәрүр жәрдемлер көрсетилмекте. Сондай-ақ, мәҳәллемиздеги жумыссыз пуқаралардың жумыс пенен тәмийинлениўине де жәрдем берип келмекте. Мине бүгин де Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы баслығы, сектор басшылары үйимизге келип ҳал-жағдайымыздан хабар алды. Шаңарағымыздың қаржы жағдайын жақсылап алыў ушын бизге 50 таўық беретуғын болды. Бизлер буннан жүдә қуўанышлымыз ҳәм биз сыяқлы жәрдемге мүтәж шаңарақларға жәрдем берип киятырғанлығы ушын сектор басшыларына миннетдаршылық билдиремиз,- дейди А.Алжанова.

Сондай-ақ, сол күни сектор аймағындағы «Байтерек» МПЖдан жумыс сорап мүрәжат еткен Арысланбек Жолмурзаев ҳәм Рашид Сайповлардың мүрәжатлары сол күнниң өзинде өзиниң унамлы шешимин тапты. Енди бул жигитлер сектор аймағындағы «Чип трейд» ЖШЖ ниң турақлы жумысшылары болды.

Аймақтағы Агафия Версенованың жайының дийўаллары күшли жаўын-шашын ақыбетинде қулап түскен еди. Оның усы мәселеде жәрдем сорап еткен мүрәжаты өзиниң унамлы шешимин тапты. Яғный, 4-сектор тәрепинен пуқараға 2 ханалы жай қурылып берилмекте.

Исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде 4-сектор аймағындағы 55 юридикалық кәрханаға 2 миллиард 234 миллион сумлық жер ҳәм мүлк салығын төлеў мүддети усы жылдың 31-декабрь сәнесине шекем создырылды. Соннан, 50 кәрхананың усы жылдың апрель ҳәм май айлары ушын есапланған төлениўи лазым болған мүлк салығы жәми 552 миллион 900 мың сумлық салық суммасы есаптан шығарылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги