Усы жылдың 12-июнь күни 63 жасты қарсылаған нөкисли пуқара С.Б. туўылған күнин белгилеў мақсетинде еки қоңсысы менен жасаў орнына жақын жерден ағып өтетуғын «Қаттыағар» каналына шомылыўға барады. Спиртли ишимлик тәсиринде суўға түскен қоңсылары бираздан соң «туўылған күн ийеси»ниң көринбей қалғанын сезип, қәўетерге түсе баслайды.

 

Ўақыя бойынша дәслеп ишки ислер, соңынан айрықша жағдайлар басқармасы, прокуратураға хабар берилип, излеў жумыслары басланып кетеди.

 

ҚР ИИМ баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, излеў жумысларына қатнасып атырған аймақтың профилактика инспекторы, аға лейтенант Рафат Хожаниязов қутқарыўшылар пуқараны суў түбинен излеп атырған ўақытта әтирапты көзден өткериўди баслайды. Ўақыя жүз берген орыннан 3 километр қашықлыққа шекем жол жүрип барған профилактика инспекторы канал бойындағы теректиң шақаларына тырмасып, суўдан шыға алмай атырған пуқараны көрип, дәрриў оның суўдан шығыўына жәрдем береди.

 

Ол ығып кетти деп изленип атырған пуқара С.Б. болып шыққан.

 

Еслетип өтемиз, өткен жылдағы статистика бойынша елимизде суўға ығып кетиў менен байланыслы кеўилсиз жағдайлардың 60% и спиртли ишимликлер ишип, мәс ҳалында шомылыў ақыбетинде келип шыққан.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.