Пуқараларға қолайлықлар жаратып бериў мақсетинде республикадағы эпидемиологиялық жағдайдан келип шыға отырып:

 

– «сары» ҳәм «жасыл» категорияларға ажыратылған аймақлар арасында санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға қатаң әмел еткен ҳалда төмендеги поездлердиң қатнаўы тиклениўине рухсат берилди:

 

Ташкент-Бухара-Ташкент;

Ташкент-Термиз-Ташкент;

Ташкент-Хийўа-Ташкент;

Ташкент-Нөкис-Ташкент;

Әндижан-Хийўа-Әндижан;

Әндижан-Бухара-Әндижан;

Әндижан-Термиз-Әндижан.

 

Бунда Транспорт министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги менен биргеликте аймақлардағы эпидемиологиялық жағдайдан келип шығып, поездлардың қатнаў жобасын белгилеп береди.

 

Сондай-ақ, Ташкент-Самарқанд-Ташкент жөнелиси бойынша санитариялық-эпидемиологиялық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда «Афросиёб» поездларының қатнаўлары жолға қойылыўына рухсат берилди.

 

Жоқарыда атап өтилгенлер менен биргеликте, автотранспорт қуралында бир өзи ҳәрекетленип баратырған транспорт басқарыўшысына медициналық нықаптан пайдаланбаўға рухсат берилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.