Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, Өзбекстан Республикасына:

 

– санитариялық-эпидемиологиялық жағдай турақлы болған (жасыл рейслер) – Япония, Қубла Корея, Қытай Халық Республикасы ҳәм Израиль мәмлекетлеринен (соңғы 14 күн усы мәмлекетлерде болып турған) кирип келген адамлар карантин бақлаўына алынбайды;

 

– коронавирус инфекциясы менен наўқасланыў жағдайлары азайған (сары рейслер) – Европа Аўқамы, Малайзия, Таиланд, Сингапур мәмлекетлеринен (соңғы 14 күн усы мәмлекетлерде болып турған) кирип келген адамлар 14 күн даўамында үй карантини бақлаўына алынады;

 

– коронавирус инфекциясы менен наўқасланыў жағдайлары азаймаған (қызыл рейслер – эвакуациялық рейслер) – қалған басқа мәмлекетлер, соның ишинде, БАӘ, Түркия, Иран, Аўғанстан, Россия ҳәм басқа ҒМДА мәмлекетлеринен кирип келген адамлар 14 күн даўамында карантин бақлаўы астында болады.

 

Санитариялық-эпидемиологиялық жағдай турақлы болған ҳәм жақсыланып атырған мәмлекетлерде авиарейс қатнаўы күнине шекем үзликсиз 14 күннен кем болған, сондай-ақ, аўыр санитариялық-эпидемиологиялық жағдай сақланып қалып атырған мәмлекетлерден транзит арқалы кирип киятырған адамларға Өзбекстан Республикасына келиў ушын авиабилетлери реализацияланбайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.