Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, «қызыл», «сары» ҳәм «жасыл» аймақларға ажыратыў тәртиби, сондай-ақ, күшейтилген санитариялық-гигиеналық қадағалаў илажлары усы жылдың 1-августына шекем сақланып қалынады.

 

Жәмийетлик орынларда медициналық нықаптан ҳәм антисептик затлардан пайдаланған ҳалда ҳәрекетлениў бойынша санитариялық-гигиеналық талапларға қатаң түрде әмел етиў, соның менен бирге социаллық аралықтың сақланыў бойынша қадағалаўды күшейтиў белгиленбекте.

 

Карантин шеклеўлери шараятында жумыс алып барыўына рухсат берилген исбилерменлик субъектлерине (қурылыс, улыўмалық аўқатланыў, хызмет көрсетиў объектлери ҳәм т.б.) тийисли объектлерде белгиленген санитариялық-гигиеналық талапларға әмел етпеў ақыбетинде коронавирус инфекциясы анықланған жағдайда усы объектлерди ҳәм адамларды карантинге алыў және сақлаў менен байланыслы қәрежетлер усы субъектлердиң есабынан қапланыўы белгиленди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.