Жақын арада Қарақалпақстанның Мойнақ районына бардыңыз ба? Бир ўақытлары теңиздиң суўы еркелеп турған Мойнақ районының бүгинги көринисин көргенсиз бе?

Өткен еки-үш жыл ишинде районның орайы ҳәм Аралбойы аймағы және гөззал көриниске ийе бола баслады. Тап теңиз және қайтқандай көринис оятады, кеўилиңизди қайнап турған өмир сыбырлысы толып-тастырады. Суўсыз жағада муңайған кемелер болса инсан ҳәм тәбият ҳаққында терең ойлаўға шақырады.

photo_2020-06-11_18-16-29.jpg

Ташкент Фотосүўретлер үйинде Мәденият министрлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Көркем өнер академиясы, Көркем өнер дөретиўшилер аўқамы менен биргеликте шөлкемлестирилген «Мойнақ: бүгин ҳәм ертең» атлы фотокөргизбениң шығармаларын тамашалар екенсиз, қыялыңыздан усындай ойлар өтеди.

Мойнақ районында үлкен дөретиўшилик жумыслардың әмелге асырылып атырғанын ҳәммемиз жақсы билемиз. Нәтийжеде, аймақ халқының турмыс тәризи де түп-тийкарынан жақсыланбақта. Бүгин мойнақлылар мине усы реформаларға үнлес руўх пенен жасамақта.

Көргизбеге қойылған шығармаларда Арал теңизиниң қурыўы нәтийжесинде жүзеге келген экологиялық апатшылықтың унамсыз ақыбетлерин жумсартыў, регионда турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде орынланып атырған жумыслар сәўлелендирилген.

Виктор Анның ақ-қара реңдеги фотокөргизбелери аймақтағы ҳақыйқый турмысты көз алдыңызда сәўлелендиреди. Сергекликке шақырады, тәбиятқа ашыныў сезимин оятады, оны қәстерлеп сақлаўға шақырады.

Ҳамдам Шораҳмедовтың фотоларында болса көринистиң мазмуны символикалық элементлер жәрдеминде талланады. Ашынарлы жағдайдағы «саҳра кемелери», дузлы, шаң-тозаңлы жер ҳәм бүгин мәўижленип өсип атырған саҳра сексеўиллери, ашық аспан, қуяштың жыллы нурлары… Бир қарағанда қарама-қарсылық пайда етип атырған бул элементлер аймаққа және қызғын өмир, абаданлық қайтып атырғанын сездиреди адамға.

А.Каннаевтың «Аралға саяхат етиўди қәлейсиз бе?» темасындағы фотолары да тамашагөйди өзине тартады.

Көргизбе шығармаларының тийкарғы бөлегин ӨзА фотохабаршыларының түрли жанрдағы дөретиўшилик жумыслары қурайды.

Соның ишинде, Мақсет Ҳабибуллаевтың «Аралдың өтмиши де бүгиннен сөйлейди», «Мойнақ заманагөй көринис ийелемекте» темасындағы фотолары пикирлеўге шақырады. Сондай-ақ, Оқил Ғуломов ҳәм Темур Мадаминовтың аймақта әмелге асырылып атырған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумысларының көлеминен сөз ететуғын «Мойнақтың бүгинги жамалы», «Түңги Мойнақ» ҳәм «Аралдағы адамлар» атамасында фотокөргизбелер реал ўақыя ҳаққында жақсы пикир оятады.

Көргизбе 20-июньға шекем даўам етеди.

 

Г.БОБОЕВА,

ӨзАның хабаршысы