«Москва инженерлик-физика институты» Миллий изертлеў ядро университетиниң Ташкент қаласындағы филиалы 2020/2021-оқыў жылы ушын абитуриентлердиң ҳүжжетлерин қабыллаўға таяр, деп мәлим етти «Өзатом» агентлигиниң баспасөз хызмети.

Ҳүжжетлер онлайн режимде қабыллаў 15-июньнен 2-июльге шекем даўам етеди. Быйыл ҳүжжетлер бакалавриаттың ядро энергетикасы ҳәм ыссылық физикасы, ыссыллық энергетикасы ҳәм ыссыллық техникасы бағдарлары бойынша қабыл етиледи.

Абитуриентлер усы жылдың 15-июльине шекемги ўақытта математика, физика ҳәм орыс тили пәнлеринен имтихан тапсырады. Имтихан нәтийжелери  15-июль күни жәрияланады. Ең жоқары балларды топлаған 100 абитуриент толық мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға кириў имканиятына ийе болады.

Еслетип өтемиз, бул филиал Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Ядро физикасы институты жанында жайласқан болып, онда илим ҳәм билимлендириў интеграциясына айрықша итибар қаратылған. Ең заманагөй үскенелер менен тәмийинленген 11 оқыў лабораториясы студентлерге атом энергетикасы ҳәм ядро технологиялары тараўында терең билим алыў имканиятын береди.

 

ӨзА