Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң усы жыл 5-июнь күнги мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстанда бүгинги күнге келип коронавирус пенен наўқасланған адамлардың улыўма саны 136 ға жетти.

Соннан 133 наўқас кеселликтен толық емленип, реабилитацияға шығарылды. Ҳәзирги ўақытта 3 наўқас емленбекте.

Емленип атырған пуқаралардың саламатлығы жақсы, коронавирус инфекциясы асқыныўы менен өткен аўыр жағдайдағы наўқаслар жоқ.

Усы күнге шекем 19 мың 389 пуқара коронавирусқа тексерилген.

Ҳәзирги ўақытта 171 пуқарада медициналық бақлаў даўам етпекте. Соннан 54 пуқара арнаўлы карантин орынларында, 117 пуқара үйлеринде бақлаўда турыпты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги