Бәршемизге белгили, жас өспирим шахслардың мәпин гөзлеп, мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерге яки олардың лаўазымлы шахсларына нызамлы ўәкили (аталыққа алған яки қәўендер) тәрепинен мүрәжат етилетуғын еди.

Себеби, жас өспиримлер еркин түрде мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерге яки олардың лаўазымлы шахсларына еркин мүрәжат етиў ҳуқықына ийе емес, сондай-ақ, бул ҳеш бир ҳуқықый ҳүжжетте нәзерде  тутылмаған.

Өзбекстан Республикасының «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Нызамына киргизилген әҳмийетли өзгерислерден бири бул Президентимиздиң «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар қиргизиў ҳаққында»ғы Нызамына (ӨРН-608-санллы 10.03.2020) тийкар, усы ҳүжжет жаңа статья менен толықтырылды.

Оған муўапық, нызамшылығымызда жас өспирим шахслар өз ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине әмел етиў  мәселелери бойынша мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерге яки олардың лаўазымлы шахсларына еркин түрде мүрәжат етиўге ҳақлы екенлиги, жас өспирим шахс толық қарым-қатнас жасаў уқыбына ийе болмағанлығы себепли, олардың мүрәжатларын көрип шықпастан қалдырыўға жол қойылмаўы, соның менен бирге, ўәкиллик болған уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслар баланың мәпине тийисли мәселелерди шешиўде баланың пикирин, оның жасына қарамастан көрип шығыўы ҳәм баланың ең баслы мәплеринен келип шыққан ҳалда қарар қабыл етиўи нызамшылығымызда беккемлеп қойылды.

Мәмлекетимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған усы сыяқлы демократиялық реформалар жас өспирим шахслардың нызамлы мәплерин қорғаўда әҳмийетли болып табылады.

 

                   В.Тураниёзов,

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Беруний районы бөлим баслығы орынбасары.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги