Елимизде суд системасының шын мәнисиндеги еркинлигин, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў суд-ҳуқық системасын реформалаў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып табылады.

Соңғы жыллары бул системаны реформалаў нәтийжесинде көплеген унамлы өзгерислер жүз бермекте. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Суды менен Жоқарғы хожалық суды бирлестирилди, пуқаралық, жынайый ҳәм экономикалық суд исин жүргизиўи тараўында суд ҳәкимиятының бирден-бир жоқарғы уйымы-Өзбекстан Республикасының Жоқарғы суды шөлкемлестирилди.

Соның менен бир қатарда, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Судьяларды таңлаў ҳәм лаўазымларға усыныў бойынша жоқарғы квалификациялық комиссиясы сапластырылып, Судьялар бирлеспесиниң уйымы есапланатуғын ҳәм Өзбекстан Республикасында  суд ҳәкимияты еркинлигиниң конституциялық принципине әмел етиўин тәмийинлеўге жәрдем беретуғын Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси жумыс алып бармақта.  Әдиллик уйымларының улыўма юрисдикция судларының жумысын материаллық-техникалық жақтан ҳәм қаржылай тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар және ўәкилликлер Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Суды жанындағы Судлардың жумысын тәмийинлеў департаментине өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық хожалық судлары  экономикалық судлар деп өзгертилди ҳәм ислерди биринши инстанцияда көрип шығыўға ўәкилликли болған 71 районлар аралық, район (қала) экономикалық судлары шөлкемлестирилди.  Әмелдеги суд мәжилиси хаткери  лаўазымы сапластырылып, белгиленген штат бирлиги шегинде судлардың дизимине судья аға жәрдемшиси, жәрдемши лаўазымлары енгизилди.  Тергеўдиң толық емеслигин суд процеси даўамында толықтырыў механизмлерин енгизиў арқалы суд тәрепинен жынаят исин қосымша тергеўге қайтарыў институты бийкар етилди.  Пуқаралық иси бойынша суд қарарын бақлаў тәртибинде қайта көрип шығыў мүддети 3 жылдан 1 жылға қысқартылды.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының  ислерди бақлаў тәртибинде көрип шығыў бойынша бир-бирин тәкирарлаўшы ўәкилликлери бийкар етилди.  Судья лаўазымында болыўдың биринши мәрте бес жыллық, кейин он жыллық, мүддетсиз дәўири белгиленди.  Судлар және де қәнигелестирилди, пуқаралық, жынаят ислери бойынша судлар ҳәм хожалық судларының ўәкилликлерин қайта көрип шығыў жолы менен ғалаба-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ҳәкимшилик даўларды, сондай-ақ,  ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыўға ўәкилликли болған Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимшилик судлары, район (қала)  ҳәкимшилик судлары шөлкемлестирилди.

Судлар системасына  заманагөй информациялық технологияларды енгизиў суд-ҳуқық тараўындағы реформалардың әҳмийетли бағдары болып табылады.  Бул бойынша халықаралық тәжирийбени үйренген ҳалда бир қатар ислер әмелге асырылды.  Атап айтқанда, судларда локал тармағы қурылды, Жоқарғы судтың корпоратив тармағы жаратылды. Судларда видеоконференция байланыс системасын басқышпа-басқыш енгизиў бойынша тийисли жумыслар алып барылды.

Ендигиден былай, ҳәр қандай мәпдар шахс өзиниң бузылған яки даўласып атырған ҳуқықларын ямаса нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў ушын даўа арзасын (арзаны), шағымын (протестти), мүрәжат ҳәм оған қосымша етилетуғын ҳүжжетлерди судқа электрон ҳүжжет түринде жибериўи мүмкин. Орнатылған «E-XSUD» ҳәм «E-SUD» электрон мағлыўматлар базасы даўа арза ҳәм арзалар келип түскен ўақыттан баслап, архивке тапсырылған ўақытқа шекемги болған пүтин процессуал ҳәрекетлерди бақлап барыў имканиятын береди. Барлық судлардағы суд ислерин жүргизиўдиң электрон системасында судқа келип түскен даўа арзаларды судьялардың арасында автоматикалық тәртипте бөлистириў имканиятын бериўши механизм жолға қойылды.  Судтың жумысында жәриялылықты тәмийинлеў мақсетинде  жабық суд мәжилислеринде шығарылған шешиўши қарарлардан тысқары судтың нызамлы күшке кирген барлық шешиўши қарарларын тәреплердиң келисими менен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының рәсмий веб-сайтында жәриялаў мүмкиншилиги жаратылды.

Судлардың әдил судлаўды тәмийинлеў жумысын буннан былай да  жетилистириў оларды халық пенен байланыстырыўда айрықша әҳмийетке ийе.  Судлар тәрепинен пуқаралар жыйынларында халық пенен ашық сәўбетлесиўди системалы түрде шөлкемлестириў, көшпели суд мәжилислерин өткериў  көлеми артып бармақта.  Бул өз гезегинде жәмийетимизде ҳуқықый сана ҳәм мәдениятты жетилистириўге, халықтың судларға болған исенимин арттырыўға, судлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў менен бир қатарда жынаятшылық ҳәм басқа да ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға, пуқаралық даўларды кескин азайтыўға ҳәм пуқараларымыздың нызамға болған ҳүрметин оятыўға хызмет етпекте.

 

Г.ЗАРИПОВА,

Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық судының баслығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги