Нөкис қаласы аймағында жайластырылған алкоголь ишимликлери рекламасы бойынша хожалық жүргизиўши субъектлерге ескертиў хаты жиберилди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети телеграмм каналы хабар бермекте.

«Реклама ҳаққында»ғы нызамның 23-статьясында саўда объектлериниң алдынғы тәреплеринде алкоголь ишимликлериниң сүўретлери, атамалары берилген рекламалар орнатылыўы қадаған етиледи, деп көрсетилген.

Жүргизилген илажлар даўамында 9 нызамсыз рекламалар исбилерменлер тәрепинен алып тасланды.

 

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги