Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы Республикалық Балалар китапханасы карантин дәўиринде китапқумар оқыўшыларға аралықтан турып хызмет көрсетиў мақсетинде социаллық тармақлар арқалы онлайн түрде илажларды әмелге асырмақта.

Китапхана тәрепинен улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары арасында Президентимиз тәрепинен алға қойылған 5 тийкарғы басламада белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде ҳәр қыйлы руўхый-ағартыўшылық илажлар менен таңлаўлар өткерип келинбекте. Атап айтқанда, жақында 1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күнине арналып, «Сиз ҳәм биз үйде қалып китап оқыймыз» сүрени астында «Мен сүйген китап» атамасында онлайн таңлаў өткерилди.

Улыўма билим бериў мектеплери оқыўшыларының дөретиўшилик қәбилетин жетилистириў, китап оқыў, китапқумарлық мәдениятын қәлиплестириў, олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде өткерилген таңлаўға 170 тен аслам дөретиўшилик жумыслар тапсырылды.

Қарақалпақ халық ертеклеринен мазмунлы етип үзинди оқып, видеоға алыў ҳәм «Бахытлы балалығым» атамасында сүўрет салыў шәртлеринен ибарат болған таңлаўда 7-14 жас аралығындағы оқыўшылар қатнасты.

Таңлаўда Тахтакөпир районындағы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 2-класс оқыўшысы Дана Бахбергенова, Қоңырат районындағы 34-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебиниң 3-класс оқыўшысы Наргис Алламбергенова жеңимпаз болды.

Таңлаў жеңимпазлары диплом менен сыйлықланды.

Китапхана тәрепинен барлық жастағы китап оқыўшылары ушын усындай таңлаўлар өткерилип, жеңимпазларға Ҳүрмет жарлықлары тапсырылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги