Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланып пайтахтымыздың Атшабар майданында болып өткен «Зүрәәт байрамы»нан репортаж
Тыныш ҳәм татыў елге ҳәр қандай байрам жарасады. Республикамыздың атайы дийқанлары, азамат фермерлери, пидайы аўыл хожалығы хызметкерлери быйылғы «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»н мол табыслар менен жуўмақламақта. Оның үстине Президентимиздиң басламасы менен декабрь айының екинши екшембиси Аўыл хожалығы хызметкерлери күни деп белгилениўи дийқан ҳәм фермерлерге, гүллән халқымызға болған айрықша ғамқорлық және итибардың әмелдеги көриниси болды.
Нөкис қаласының арқа тәрепинде жайласқан Атшабар майданының халқымыздың мол ырысқы-несийбесинен дәрек беретуғын аппақ қар жамылған әтирапына тигилген миллий қара үйлер, дийқанларымыздың пидәкерлик мийнетин улығлаўшы шақырық-сүренлер, ойын-заўықлар өзгеше сән бағышлайды. Республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан, сондай-ақ, елимиз пайтахты Ташкент қаласынан, бир қатар ўәлаятлардан келген мийманлар өткен екшемби күни әжайып байрам тамашаларының гүўасы болды.
Илаждың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министриниң орынбасары Ш.Ҳамраев шығып сөйлеп, елимиздиң аграр саласында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, соңғы жыллары тараў қәнигелери тәрепинен қолға киргизилип атырған табысларға тоқтап өтти ҳәм жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында барлық тараўларда жүргизилип атырған реформалар елимиздиң экономикасын беккемлеўге, халқымыздың турмыс шараятын жақсылаўға, соның менен бирге үлкен өзгерислерге және жаңаланыўларға тийкар болмақта.
Байрам мүнәсибети менен өткерилген мәжилисте шығып сөйлеген сөзинде Елбасшымыздың тараў қәнигелерине қарата «Сизлерди жүрегиме ең жақын инсанлар, қәдирданларымның ең көби, мине, усы тараў-аўыл хожалығы тармақларында»,-деп айрықша исеним билдириўи, сондай-ақ республикамыз дийқанларының мийнетин жоқары баҳалаўы ҳәр биримизди жаңа табысларға руўхландырады.
Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары тараўда бир қатар жаңаланыўлар жүз берип, айтарлықтай нәтийжелерге ерисилмекте. Бунда егислик жерлерден ақылға уғрас пайдаланыў, көп тармақлы фермер хожалықларын раўажландырыў, шарўашылықты қоллап-қуўатлаўға қаратылып атырған айрықша итибар беккем тийкар болмақта.
Усы итибар және ғамқорлықтың нәтийжесинде быйылғы жылы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў көлеми 6-7 процентке өсти. Өткен айлар даўамында 1 триллион 167 миллиард сумлық өнимлер ислеп шығарылды ҳәм хызметлер көрсетилди. Соның ишинде, 347 тоннаға шамалас пилле, 165 мың тоннадан аслам ғәлле, 200 мың тоннадан зыят пахта, 285 мың тоннадан артық овощ ҳәм палыз өнимлери жетистирилди. Бунда Әмиўдәрья, Беруний, Тақыятас, Кегейли, Қараөзек, Тахтакөпир ҳәм Нөкис районларының дийқан және фермерлериниң мийнети айрықша болды. Буннан тысқары, 72 мың тоннаға шамалас гөш, 207 мың тоннадан аслам сүт, 2800 тоннаға жақын балық өнимлериниң жетистирилгени-бул дәўир қаҳарманлары есапланған фермерлеримиз имканиятларының кеңейип атырғанлығынан дәрек береди. Соның менен бирге, тез пәт пенен раўажланып баратырған бүгинги күн ҳәр биримизден жаңаша пикирлеўди, дийқаншылықта интенсив усылларды енгизиўди, аўыл хожалығы дақылларының тәрбиясын, шарўашылық тараўын, суў хожалығы жумысларын илимий тийкарда алып барыўды талап етпекте.
Байрам мүнәсибети менен барлық районлық Аўыл ҳәм суў хожалығы бөлимлери хызмет автомашиналары менен тәмийинленди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министриниң орынбасары Ш.Ҳамраев тараў басшыларына Президентимиздиң саўғасы-жаңа автомашиналардың гилтин салтанатлы жағдайда тапсырды.
Байрам тамашаларын арқан тартысыў жарысы баслап берди. Онда биринши орынды Шоманай районы, екинши орынды Шымбай районы, үшинши орынды Әмиўдәрья районының спортшылары ийеледи.
Қурға палўанлар мирәт етилди. Биринши болып 2013-жылы Чехия мәмлекетинде өткерилген Европа чемпионатының, дзюдо бойынша 2015-жылы Сурхандәрья ўәлаятында өткерилген Гран-при жеңимпазы, Өзбекистан чемпионы, Нөкис спорт колледжиниң тренери Элёр Машарипов пенен кураш бойынша «Бәркамал әўлад-2011» жарысының жеңимпазы, бир неше мәрте Қарақалпақстан чемпионы, жаўыргерлик самбо бойынша Өзбекистан чемпионы Мийирбек Абдихалиқов ортаға шықты. Бир-бирине мүнәсип палўанлар беллесиўинде Мийирбек Абдихалиқов жеңип шығып, бас байрақ түйе менен сыйлықланды. Сондай-ақ, Қоңырат районынан Эргаш Айтбаев, Меңлибек Юлдашев, Нөкис қаласынан Зарапатдин Турдымуратов, Қараөзек районынан Бекназар Қайыпназаров, Нөкис районынан Аймурат Сейтмуратов, Тахтакөпир районынан Айбек Аманшаев, Әмиўдәрья районынан Жорабек Ешмуратов, қызлар арасында Нөкис қаласынан Амангүл Алланазарова, Кегейли районынынан Сулыўхан Пиримбетовалар жеңимпаз болды.
Қошқарлар урысы да тамашагөйлерде айрықша қызығыўшылық оятты. Нөкис районының «Өрнек» хожалығынан келген Дәўлетмурат ағаның қошқары жеңип шығып, бас байрақ бир бас ат пенен сыйлықланды. Кейинги жеңип шыққан қошқарлардың ийелерине де баҳалы саўғалар тапсырылды.
Бир, еки, бес, жети, он айлаўға атлар шабысы бәршениң дыққатын өзине қаратты. Әсиресе, он айлаўға ат шабысында кимниң жеңимпаз болатуғынын жыйналғанлар асығыслық пенен күтип турды. Шымбай районынан Бахыт Ибрагимовтың аты бәйгиге биринши болып келди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов жеңимпазға бас байрақ «Матиз» автомашинасын салтанатлы жағдайда тапсырды. Кейинги орынларды ийелегенлер мотоцикл, музлатқыш, телевизор сыяқлы саўғалар менен сыйлықланды. Сондай-ақ, «Қыз қуўыў», «Көк пар» жарысларының жеңимпазлары анықланып, баҳалы саўғалар тапсырылды.
Илаж Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер шеберлери менен эстрада жулдызларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Байрам қатнасыўшыларына дийқанларымыз тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы өнимлериниң ярмаркасы, шебер аспазларымыз таярлаған түрли тағамлар усынылды.
Солай етип, көптен күткен «Зүрәәт байрамы» халық сейили менен есте қаларлықтай узақ даўам етти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.