Жанубий Кореяда коронавирусни даволашда қайси дори маъқул кўрилмоқда?

Қубла Корея азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақлар қәўипсизлиги министрлиги вирусқа қарсы «Ремдесивир» дәрисин сатып алыўға руқсат берди. Бул дәри коронавирусқа қарсы гүресте жақсы нәтийже бериўи мүмкин екенлиги айтылмақта.

Вирусқа қарсы дәри есапланған «Ремдесивир» препараты 2020-жыл 1-майда АҚШта COVID-19  ды емлеў ушын оператив түрде тастыйықланған еди. Бир ўақытлары ол Эбола безгегин емлеў ушын ислеп шығарылған, бирақ сол гезде бул дәри өзиниң нәтийжелилигин дәлиллей алмады. Кейин ала, бул препарат SARS ҳәм MERS инфекциясына қарсы жақсы нәтийже берди.

Бул препаратты АҚШтың Gilead Sciences   биофармацевтика компаниясы ислеп шығарады.

Дәрини клиникалық сына ҳәзирги күнде халықаралық илимпазлар топары тәрепинен COVID-19дың аўыр формасы менен аўырған наўқасларда алып барылмақта.

 

ӨзА