Ертең Ташкент қаласында шахмат бойынша Президент кубоги турнири болып өтеди. 21-30-ноябрь күнлери өткерилетуғын бул халықаралық жарысқа дүньяның ең абырайлы гроссмейстерлери жеңимпазлық ушын өз-ара беллеседи.

Улыўма сыйлық фонды 75 000 АҚШ долларын қурайтуғын бул жарыста қатнасыўшылар FIDE рейтингине қарай  А ҳәм В топарларында ойынлар өткереди.

Жарыс регламентине бола,  А топарында рейтинги 2250 ҳәм оннан жоқары болған шахматшылар қатнасса, B топарынан рейтинг балы 2249 ҳәм оннан төмен шахматшылар орын алған.

Турнирде елимиз абырайын Нодирбек Абдусатторов, Жавоҳир Синдаров, Шамсиддин Воҳидов, Нодирбек Якуббоев сыяқлы белгили гроссмейстерлер менен бирге, жас шахматшыларымыз да қорғайды.

Соның ишинде А топарында төмендеги шахматшылар орын алған.

  1. GM Нодирбек Абдусатторов (Өзбекстан) – 2777
  2. GM Парҳам Мақудлу (Иран) – 2712
  3. GM Амин Табатабайи (Иран) – 2686
  4. GM Жавоҳир Синдаров (Өзбекстан) – 2682
  5. GM Шамсиддин Воҳидов (Өзбекстан) – 2681
  6. GM Ниҳал Сарин (Ҳиндстан) – 2676
  7. GM Нодирбек Яқуббоев (Өзбекстан) – 2668
  8. GM Пураник Абҳиманю (Ҳиндстан) – 2652
  9. GM Мурали Картикеян (Ҳиндстан) – 2625
  10. GM Муниретинам Пранеш (Ҳиндстан) – 2580

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы