Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Ислеп шығарыўшылар ҳәм импорт етиўшилер тәрепинен қайта исленетуғыны ҳаққындағы мағлыўмат көрсетилиўи мәжбүрий болған товарлардың дизими ҳәм олардың белгилери мәмлекетлик дизиминен өткерилди.

Атап айтқанда, усы уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетте ислеп шығарыўшылар ҳәм импорт етиўшилер тәрепинен пластмассалар, қағазлар, металлар, ағаш ҳәм ағаш материаллары, тоқымашылық, шийшелер, композит материаллар, батарея ҳәм аккумуляторлар ушын қайта исленетуғыны ҳаққындағы мағлыўмат көрсетилиўи мәжбүрий болған белгилер көрсетип өтилген.

Жоқарыдағы уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын жәмийетлик додалаўдан өткериў процесинде исбилерменлик субъектлери тәрепинен билдирилген усыныслар тийкарында бул ҳүжжет рәсмий жәрияланған күннен баслап он сегиз айдан кейин күшке киретуғыны белгиленди.

Ислеп шығарыўшылар ҳәм импорт етиўшилер тәрепинен қайта исленетуғыны ҳаққындағы мағлыўмат көрсетилиўи мәжбүрий  болған товарлардың дизими ҳәм олардың белгилери алдын Әдиллик министрлиги мәмлекетлик дизиминен өткерилмеген. Бул ҳүжжет Экология, қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги ҳәм Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги тәрепинен әмелге киргизилген. Бул ҳүжжет Әдиллик министрлигиниң тийисли усыныснамасына тийкар бийкар етилгенин мағлыўмат орнында айтып өтиўимиз керек.

ӨзА