Өзбекстан тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы баҳаны үйрениўде даўам етпекте.
1-июнь жағдайына бола зәрүр азық-аўқат ҳәм азық-аўқат емес өнимлердиң баҳалары менен танысың. Ең арзан ҳәм ең қымбат баҳаларда.
Медициналық нықап, Әндижан ҳәм Наманган ўәлаятында 500 сум, Ташкент қаласында 6 мың сум.
Антисептик гель; Әндижанда 700 сум болса, Наўайы, Сурхандәрья ҳәм Ташкент ўәлаятында 20 мың сумға шекем.
Жергиликли унның биринши сорты; Ташкент ўәлаятында 1700 сум, Ташкент қаласында 6 мың сумды қурамақта.
Буханка нан; Қарақалпақстан ҳәм Әндижан ўәлаятларында 1250 сум, Наўайы, Ташкент ўәлаятында 2 мың сум.
Макарон; Қарақалпақстанда 2500 сум, Бухара ўәлаятында 10 мың сум.
Қумшекер; Әндижан ўәлаятында 4 мың сум, Наўайы, Самарқанд ўәлаятларында ҳәм Ташкент қаласында 7 мың сум.
Өсимлик майы; Ташкент қаласында 7500 сумнан 15300 сумға шекем.
Хожалық сабыны; Ферғанада 1000 сум. Ташкент қаласында 4 мың сум.
Мәйек; Қарақалпақстан ҳәм Әндижанда 500 сум. Ташкент қаласында 1200 сум.
Мал гөши; Қарақалпақстан Республикасында 37 мың сум болса, Ташкент қаласында 70 мың сум.
Қой гөши орташа есапта Ташкент қаласында 39 мыңнан 75 мың сумға шекем.
Таўық гөши; Наманган ўәлаятында 10 мың сум, Ташкент ўәлаятында 30 мың сум.
Гүриш: Қарақалпақстан Республикасы, Самарқанд, Сурхандәрья ўәлаятларында 3 мың сумнан, Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында 16 мың сумнан.
Картошка; Сурхандәрья ўәлаятында 1000 сум, Ташкент ўәлаятында 6500 сум.
Пияз; Сурхандәрьяда 500 сум, Ташкент ўәлаяты ҳәм Самарқанд ўәлаятында 4 мың сум.
Гешир; Сурхандәрьяда 500 сум, Бухара, Наўайы, Самарқанд ўәлаятларында ҳәм Ташкент қаласында 2500 сумға шекем.
Чеснок; Қашқадәрьяда 10 мың сум, Ферғанада 9 мың сум, Ташкент ўәлаятында 80 мыңнан сатылған болса, Самарқанд ўәлаятында 90 мың сумға шекем сатылмақта.
Өзбекстан тутыныўшылардың ҳуқықларын
қорғаў жәмийетлери федерациясының
мәлимлеме хызмети
ӨзА