Нөкис қаласы ҳәм барлық «жасыл» категориядағы район аймақларында жөнелиссиз таксилерге жолаўшы тасыўға руқсат берилди.

Қарақалпағстан Республикасы Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, жөнелиссиз таксилер жолаўшы тасыў ушын автомобиль салонында басқарыўшының орынлығы менен жолаўшылар орынлығы арасында пластикалық ямаса плёнка менен тосық орнатылған болыўы, автомобиль басқарыўшысы менен жолаўшының медициналық нықапта болыўы, жолаўшылардың саны еки адамнан артпаўы ҳәм олардың автомобиль салонының артқы орынлығында жайласыўы және жөнелиссиз такси басқарыўшысының өз аймағында ҳәрекетлениўи белгиленген.

 

Е.Қанаатов, ӨзА