1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни

Бүгин “1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен барлық орынларда сәнеге байланыслы арнаўлы илажлар өткерилмекте.

Байрам мүнәсибети менен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының ағзалары, белсендилери, тийисли шөлкемлер менен биргеликте райондағы «Бахытлы» АПЖда жасайтуғын социаллық жәрдемге мүтәж майыплығы бар балалардың жағдайынан хабар алды.

– Балаларымыз өз күлкилери менен кеўиллеринде қуўаныш тасып, қарлығашлар сыяқлы аспанға талпынып тур,-дейди депутат Г.Ешмуратова. – Халқымыздың, шаңарақларымыздың периштеси болған балалардың кеўлин көтериў, оларға байрамда қуўаныш бағышлаўдан да үлкен бахыт бар ма?

Ушырасыў, сәўбетлесиўлер өткерилип, балаларға байрам саўғалары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги