2020-жыл 29-май күни Өзбекстан Республикасы басшылығы шеңберинде Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер Ҳүкимет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.

Видеоконференцбайланыс түринде шөлкемлестирилген мәжилиске Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов басшылық етти.

Илажда Беларусь Республикасының Бас министри Сергей Румас, Молдова Республикасының Бас министри Ион Кику, Әзербайжан Республикасының Бас министри Али Асадов, Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң Баслығы Михаил Мишустин, Тәжикстан Республикасының Бас министри Қоҳир Расулзада, Қазақстан Республикасының Бас министри Асқар Мамин, Армения Республикасы Бас министриниң орынбасары Мгер Григорян, Қырғызстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Еркин Асрандиев, Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри Рашид Мередов ҳәм ҒМДА Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткери Сергей Лебедев қатнасты.

Мәжилис қатнасыўшылары тийкарғы итибарды ҒМДА шеңбериндеги экономикалық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерине, сондай-ақ, коронавирус пандемиясы шараятында көрилип атырған биргеликтеги илажларға қаратты.

Додалаўлар нәтийжесинде жаңа коронавирус инфекциясы «COVID-19» тарқалыўына байланыслы ҒМДАға ағза мәмлекетлер Ҳүкимет басшыларының Билдириўи қабыл етилди. Кеңестиң қарарына бола, бул ҳүжжеттиң тексти БМШ, ЖДСШ ҳәм басқа да ири халықаралық шөлкемлерге де тарқатылады.

Турақлы экономикалық раўажланыў ушын қолайлы шараят жаратыў, ҒМДАға ағза мәмлекетлер пуқараларының турмыс тәризи ҳәм абаданлығын арттырыў мақсетинде тәреплер 2030-жылға шекемги дәўирде Дослық Аўқамын  экономикалық раўажландырыў стратегиясын тастыйықлады. ҒМДА мәмлекетлери саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң базалық принциплери ҳәм тийкарғы бағдарларын белгилеп беретуғын бул ҳүжжет Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер экономикасының бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, сондай-ақ, өз-ара пайдалы шерикликке жәрдем бериўге қаратылған.

Сөйлесиўлер даўамында карантин шеклеўлери шараятында саўда-экономикалық  ҳәм транспорт-коммуникация тараўларында жолға қойылған ҳәрекеттеги механизмлерди, сондай-ақ, ҒМДА аймағындағы еркин саўда зонасының толық ислеўин сақлап қалыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

ҒМДА мәмлекетлери халқының турмыс дәрежеси ҳәм сапасын арттырыў мақсетинде жақсы қоңсышылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм мәплерин есапқа алған ҳалда бирге ислесиўди және де кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

ҒМДА Ҳүкимет басшылары кеңеси мәжилисиниң жуўмақлары бойынша транспорт, энергетика, қурылыс, билимлендириў, мәденият, туризм, денетәрбия ҳәм спорт тараўларын, сондай-ақ, жаслар сиясатын раўажландырыўға байланыслы улыўма 14 ҳүжжетке қол қойылды.

Тәреплер ҒМДА Атқарыўшы комитетиниң Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер Ҳүкимет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисин  усы жыл ноябрь айында Өзбекстанда өткериў ҳаққындағы усынысын қоллап-қуўатлады.

 

Ғайрат Хонназаров,

ӨзАның хабаршысы