Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелери комитетиниң видеоконференц байланыс түринде мәжилиси болып өтти.
Наўайы ҳәм Хорезм ўәлаятларында бюджет дәраматларына белгиленген болжаў көрсеткишлериниң усы жыл I шеректеги орынланыўы ҳәм II шеректе күтилип атырған нәтийжелер додаланды.
Наўайы ўәлаяты бойынша есап бериў дәўиринде ўәлаят жергиликли бюджетиниң дәраматлар түсимлери болжаўының орынланыўы бойынша контингент түсимлер 512,3 миллиард сумды қураған. Сондай-ақ, ўәлаят жергиликли бюджетиниң қәрежетлерине 2020-жылы жәми 1 триллион 353 миллиард сумлық қаржылар режелестирилген. Соннан усы жылдың I шереги даўамында ўәлаят жергиликли бюджетиниң қәрежетлерине жәми 379,5 миллиард сумлық қаржы қаржыландырылыўы тәмийинленген.
Соның менен бирге, мәжилисте бул бағдарда ушырасқан машқалалар ҳаққында сөз болды. Атап айтқанда, биринши шерек бойынша улыўма болжаў орынланған болса-да, ири салық түрлериниң дәраматлары бойынша акциз салығына белгиленген болжаў 0,7 миллиард сумға тәмийинленбеген. Бюджет шөлкемлеринде өткерилген жәми 41 қадағалаў илажынан 26 сында, яғный 751,4 миллион сумлық әмелдеги тәртиплерге қарсы түрде әмелге асырылған қәрежетлер ҳәм кемис шығыўлар анықланған.
Хорезм ўәлаяты бойынша бюджет дәраматларына 2020-жылдың I шереги ушын белгиленген 306 миллиард сум болжаў әмелде 106,3 процентке орынланып, бюджетке қосымша 19,2 миллиард сум түсим тәмийинленген. Соннан жергиликли бюджет түсимлериниң орынланыўы 292,4 миллиард сумды қураған
Ўәлаятта бюджет алдындағы қарыздарлық артқан. Атап айтқанда 2020-жылдың 1-апрель жағдайына бола, бюджет алдындағы қарыздарлық 44,9 миллиард сумды қурады.
Оннан тысқары, Хорезм ўәлаяты мәмлекетлик финанслық қадағалаў басқармасы тәрепинен есап бериў дәўиринде бюджет шөлкемлеринде өткерилген 95 финанслық қадағалаў илажының 85 инде финанслық қәте-кемшиликлер анықланған. Олардың улыўма муғдары 1 миллиард 490 миллион сумды қурады. Есап бериў дәўиринде анықланған финанслық қәте ҳәм кемшиликлердиң 92,7 проценти белгиленген тәртипте айыпкер шахслардан өндирилиўи тәмийинленген.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы