Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Россия Федерациясының Бас министри Михаил Мишустин арасында телефон арқалы сөйлесиў болып өтти. РФ ҳүкимети баспасөз хызметиниң хабарына бола, сөйлесиў даўамында еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық ҳәм илимий-техникалық бирге ислесиў шеңбериндеги бир қатар мәселелер додаланды. Сондай-ақ, сөйлесиў ўақтында бүгин конференция форматында болып өтиўи режелестирилген ҒМДАға ағза мәмлекетлер Ҳүкимет басшылары кеңесиниң мәжилиси мүнәсибети менен пикир алысқан.

Михаил Мишустин ҳәм Абдулла Арипов еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў күн тәртиби бойынша да сөйлесип алды.

 

ӨзА