Чартер авиарейслерге дизимге алыў системасын автоматластырыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасының Новосибирск қаласындағы Бас консулхана тәрепинен өз алдына виртуал анкетаның түри ислеп шығылды, деп хабар бермекте xs.uz  сайты.

2020-жыл 29-май күнинен баслап, Ўатанымызға қайтпақшы болған пуқаралар, виртуал анкетаны толтырыўы керек болады.

«Егер Сиз, 2020-жыл 29-май күнине шекем Бас консулхананың телеграмм каналы арқалы чартер рейс дизимине алынған болсаңыз, бул анкетаны толтырыўыңыз шәрт емес. Себеби Сиз дизимге алынғансыз» делинеди консулхананың хабарында.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги