Турақлы физикалық белсендилик тек ғана денени тәртипке салып қоймастан, ал денсаўлықты жақсылайды, айырым кеселликлерди жеңиўде ямаса кеселликке шалыныўдың алдын алыўда үлкен әҳмийет ийе.
Америка онкология жәмийети экспертлериниң атап өтиўинше, спорт пенен турақлы шуғылланыў рак кеселлигиниң жети түриниң раўажланыўын тоқтатады.
Изертлеў даўамында экспертлер түрли жастағы 750 мыңнан аслам адамнан алынған мағлыўматларды таллады. Нәтийжеде физикалық белсендилик пенен рак кеселлигиниң ең көп тарқалған түрлери арасындағы байланыслылық үйренилди, деп жазады herpes.ru сайты.
Физикалық белсендилик рак кеселлигиниң 15 түринен 7 и менен кеселлениў итималын сезилерли түрде азайтады. Физикалық ҳәрекет қаншелли жеделлессе, рак кеселлигине шалыныў итималы соншелли төменлейтуғыны тәжирийбеден анықланды. Физикалық белсендилик еркеклерде жуўан ишек рак кеселлигиниң, ҳаял-қызларда болса көкирек бези ҳәм эндометрия рак кеселлигиниң алдын алады. Сондай-ақ, турақлы ҳәрекетте болыў ҳаял-қызларда бөтеке, баўыр сыяқлы бир қатар ишки ағзаларда рак кеселлиги өсимтесиниң пайда болыўына тосқынлық етеди.
Илимпазлардың атап өтиўинше, ҳәр қандай спорт түри (физикалық шынығыўлар, фитнес, күш жумсап орынланатуғын шынығыўлар, аяқ ойыны бағдарлары, жүзиў, йога ҳәм басқа) менен шуғылланыў жүрек-қан тамыры паталогиясы ҳәм қантлы диабет сыяқлы жуқпалы кеселликлерге тәсир көрсетеди. Сондай-ақ, барлық кеселликлердиң келип шығыўына тийкарғы фактор есапланған семирип кетиўдиң де алдын алады.
Жуўмақлап айтқанда, усы изертлеў нәтийжеси соны көрсетеди, белсенди физикалық ҳәрекет рак кеселлигиниң тәсиршең профилактикасы есапланады екен.
ӨзА