Илм билан, ақл билан ҳаракат қилсак, янада улкан марраларга эришамиз

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, адамлардың турмысы менен танысыў мақсетинде  21-май күни Әндижан ўәлаятына барды.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Алтынкөл районындағы «Кўҳна водий баҳори» фермер хожалығында болып, ғәлле ҳәм ғаўашаның раўажланыўын көзден өткерди.

– Ықлым шараяты елимизге уқсас сырт еллерде пахтадан 70 центнерге шекем өним алады. Қалайынша?  Илим менен, ақыл менен. Әндижанда жердиң азлығын есапқа алып, оннан еки есе нәтийжели пайдаланыў зәрүр. Жумыссыз, дәраматы жетерли болмаған мыңлаған адамлар бар. Жумысымызға солардың көзи менен баҳа бериўимиз керек,- деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы ғаўашаның қатар араларына соя егиў бойынша Әндижан тәжирийбесин жаратыў бойынша көрсетпелер берди.

– Фермер атызға реже ушын емес, дәрамат ушын кириўи керек. Соя егилсе, бир егислик майданнан еки еседен аслам дәрамат алыў, және көбирек адамларды жумыс пенен тәмийинлеў мүмкин. Оннан алынатуғын май да, аралас жем де жүдә сапалы, базарға қолайлы. Дурыс, бул қыйын. Бирақ қайсы жумыс аңсат? – деп сораў қойды Шавкат Мирзиёев.

4010d7c9-5d85-740a-db94-1df45d1a22b3.jpg

Агротехнологияларды раўажландырыў мақсетинде Ташкент мәмлекетлик  аграр университетиниң Әндижан ўәлаяты филиалы тийкарында аўыл хожалығы бағдарында өз алдына жоқары билимлендириў мәкемесин шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

«Кўхна водий баҳори» фермер хожалығының улыўма жер майданы дерлик 76 гектар. Усы жылы ғәллениң ҳәр гектарынан 20, пахтадан 10 центнерден қосымша өним жетистириў режелестирилген. Ғәлле зүрәәтлигиниң 81 центнер болыўы күтилмекте.

Фермер хожалығында 60 адам турақлы ҳәм мәўсимлик жумыс пенен тәмийинленген. Шарўашылық, пал ҳәррешилик жолға қойылған.

Бул жерде пахташылық, ғәллешилик ҳәм мийўе-овощ кластерлерин және шарўашылық тармақларын раўажландырыў бойынша жойбарлардың презентациясы өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысы қайта үскенеленген автобуста шөлкемлестирилген көшпели лаборатория менен де танысты.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Әндижан қаласындағы «ВБМ текстиль груп» ЖШЖға қараслы экспортқа қолайлы таяр тигиўшилик өнимлерин ислеп шығаратуғын заманагөй кәрханада да болды.

70cc6d25-d135-71f3-60b4-9641f259f15a.jpg

Бул кәрхананы қурыў ушын еки жыл алдын «Обод» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы ески имарат жойбарын интәкерлериниң инвестиция киргизиў шәрти менен «ноль»лик сатып алыў қунында берилген еди.

Өткен дәўирде дерлик он үш жыл қараўсыз жатқан бул объектте ири көлемде қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылды. Кең, жақты цехлар, қоймахана ҳәм басқа да қосымша бөлмелер қурылды. Жумысшылардың мийнет етиўи ҳәм дем алыўы ушын зәрүр қолайлықлар жаратылды.

Италия, АҚШ, Японияның заманагөй тигиўшилик үскенелери орнатылып, 1200 жаңа жумыс орны жаратылды, жойбарды иске қосыў ушын 6,5 миллион доллар қаржы жумсалды. Оның 4 миллион доллары коммерциялық банктиң кредити болып есапланады.

Президентимиз усы кәрхананың қәнигелери ҳәм тигиўшилери менен сөйлесип, ислеп шығарылған тигиўшилик өнимлерин көзден өткерди.

– Бәринен бурын, сизлерди жақынласып киятырған уллы әййям менен қутлықлайман. Бул фабрика әндижанлыларға өзине тән саўға болыпты. Биз ушын ҳәр бир жумыс орны әҳмийетли. Бул жерде сонша ҳаял-қыздың жумыслы болғанына жүдә қуўанышлыман. Исбилерменлеримиз дүнья базарларына шықпақта. Бул – дүньяға көзқарастың өзгериўи, имканиятлар нәтийжеси, – деди Президент.

ҒМДА еллери менен шәртнамаларға қол қойылған болып, жылына 27 миллион долларлық өним экспорт етиў мөлешерленген. Бул географияны кеңейтиў мақсетинде Европа Аўқамының мәмлекетлери менен сөйлесиўлер алып барылмақта.

Жуўапкерлерге пахта талшығын қайта ислеўди тереңлестирип, қосымша қун жаратыў, кәрханаларға қосымша инвестицияларды бағдарлап, өндиристиң толық циклын өзлестириўге жәрдемлесиў бойынша тапсырмалар берилди.

Бурын ўәлаятта жетистирилген пахта тек ғана шийки зат сыпатында сатылатуғын еди. Буннан дәрамат 100 миллион долларға да жетпейтуғын еди. Енди қайта ислеў раўажланып атырғаны нәтийжесинде усы жылы дерлик 440 миллион долларлық өним экспорт етиледи. 2021-жылы бул көрсеткишти 527 миллион долларға жеткериў режеслестирилген.

46112f90-171f-0e5c-8403-584e81977096.jpg

Бул жерде ўәлаятта 2020-2021-жыллары әмелге асырылатуғын инвестициялық, исбилерменлик ҳәм киши бизнес, өнерментшиликти раўажландырыўға байланыслы перспективалы жойбарлардың презентациясы да өткерилди.

Атап айтқанда, усы жылы 954 жойбарды әмелге асырыў белгиленген. Соның нәтийжесинде 68 мыңнан аслам жумыс орны жаратылады.

«ВБМ текстиль груп» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен Әндижанда жинси шалбар ислеп шығарыў, гезлеме тоқыў ҳәм бояў кәрханаларының шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған.

Баҳасы 30 миллион долларлық бул жойбардың иске қосылыўы нәтийжесинде 2700 жаңа жумыс орны жаратылады, жыллық 750 миллиард сумлық өним ислеп шығарылады.

Әндижан халқының тығыз жайласқанлығы ең жоқары аймақлардан бири. Ўәлаятта жерден үнемли пайдаланыў есабынан халықты турақ жай, жумыс пенен тәмийинлеў, социаллық қорғаў, турмыс шараятын жақсылаў мүмкин. Сонлықтан бул жерде бурынғы өндирис майданларының орнына турақ жай комплекслерин қурыў және халықты турақ жай менен тәмийинлеў илажлары көрилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы буннан саррас еки жыл бурын – 2018-жылы 20-май күни Әндижан қаласында бой тиклеп атырған жаңа турақ жайларды көрген еди. Усы аймақта бул мәселениң актуал екенин есапқа алып, қосымша турақ жайлар қурыў бойынша тапсырма берген еди.

Сол тийкарда жәми 1 мың 798 квартирадан ибарат 41 көп қабатлы турақ жай қурылды. Соның ишинде, қурылып атырған жаңа массивте өткен жылы жигирма 7 қабатлы, еки 16 қабатлы турақ жай қурып питкерилди. Усы тәризде үш жылда бул жерде алдынғы қала қурылысының үлгилерине сай ири массив пайда болды.

Президентимиз бул массивти барып көрди. 16 қабатлы жайдағы квартиралардан биринде болып, шаңарақ пенен сөйлести.

c382bc6b-9fd7-b94b-f90d-f6b8c0740ca8.jpg

«Ўзшаҳар қурилиш инвест» инжиниринг компаниясының буйыртпасы тийкарында «Хоқон Автоинвест» ЖШЖ тәрепинен қурылған 16 қабатлы турақ жайлар Әндижан қаласы ушын үлги болды. Жойбар баҳасы 46,6 миллиард сум болған турақ жайлар Түркия технологиясы тийкарында, жергиликли шараятты есапқа алған ҳалда бир пүтин темир-бетоннан жер силкиниўге шыдамлы етип қурылған. Имараттың сыртқы дийўаллары базальт материалы менен қапланған. Интернет тармағы, видеобақлаў системасы менен тәмийинленген.

Квартиралар электр плита, асхана мебели, ысытыў системасы ҳәм ыссы суў менен тәмийинленетуғын айрықша қазанхана менен март айында таяр ҳалында тапсырылған. Ҳәр бир жай еки лифт пенен тәмийинленген.

Бул турақ жайлардың ҳәўлисинде дем алыў ҳәм спорт майданшалары, балалар ойын майданшалары, автомобиль туратуғын орын қурылған.

Жаңа турақ жайларда сонша майдандағы басқа жойбарларға салыстырғанда 2 есеге көп квартиаралардың жайласқаны жергиликли шараят ушын жүдә әҳмийетли. Сонлықтан квартиралардың баҳасы да қолайлы.

Бул турақ жайлардың қурылысы қаланың усы бөлиминде урбанизация процесслерин тезлестирди. Көп қабатлы турақ жайларда бирде-бир сатылмаған квартира қалмады, бул қурылыстың пәтин арттырды. Турақ жайларға талаптың жоқарылығы себепли аймаққа санаат кәрханаларының қызығыўшылығы күшейди.

Бүгинги күнде мәмлекетимиз басшысының халықтың турақ жай шараятын жақсылаў және ипотека кредити базарын буннан былай да кеңейтиў ҳаққындағы қарары тийкарында аймақта коммерциялық турақ жайлар да  қурылмақта. Және бир жақсы тәрепи бундай турақ жай массивлери бақша, мектеп сыяқлы социаллық инфраструктура менен бирге бой тиклемекте. Басқаша етип айтқанда, әндижанлылардың  көп жыллық арзыў-нийетлери әмелге аспақта.

Халықты турақ жайлар менен тәмийинлеўди избе-из даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.

– Кәмбағаллықтан шығыўдың ең тийкарғы дәреги – турақ жай. Адамлардың баспанасы болса, өзи ҳәрекет етип, хожалығын аяққа турғызады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Районлардағы халық тығыз жайласқан орынларға да коммуникация алып барып, барлық шараятларға ийе көп қабатлы турақ жайлар қурыў, заманагөй аўылларды пайда етиў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетимиз басшысы Әндижан ўәлаятына сапары даўамында Марҳамат районындағы «Водий хамкор агрофирмаси» тәрепинен шөлкемлестирилген қоян өсириўшилик кластери менен де танысты.

c64d5bd3-3201-33b7-8d2f-b8a7dd0de087.jpg

1 гектардан аслам майданда шөлкемлестирилген бул кластер усы жылы 1-майдан иске қосылды.

Коопераиця усылында 50 хожалыққа қоянлар тарқатылып, олардағы адамлардың бәнтлиги тәмийинленди. Сондай-ақ, қоян терисин ийлеў ҳәм терисинен бас кийим тигиў цехында 20 жумыс орны жаратылады.

Кәрханаға «Калифорния», «Жаңа Зеландия», «Фландер», «Рекс» ҳәм «Великан» нәсилли 1000 бас қоян алып келинген болып, бир жыл даўамында олардың саны 30 мыңға жетиўи күтилмекте. Бул ҳәр бир қоян еки килограмм салмаққа ийе болса, жәми 60 мың килограмм диетаға қолайлы гөш жетистириледи дегени.

Қоян өсириўшилик кластери тәрепинен бир жылда жәми 3 миллиард сумнан аслам өним ислеп шығарыў, 150 мың долларлық экспорт етиў режелестирилген.

Ҳәзирги ўақытта ўәлаятта қоян өсириўшилик бағдарында 58 жойбар әмелге асырылмақта. Бул жойбарлар шеңберинде кооперация усылында хожалықларда қоян бағыў көбейтилсе, экспорт көлеми және де артады.

Ўәлаятта аралас жем ислеп шығарыўды көбейтиў, қоян өсириўшиликти 1 миллион басқа жеткериў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Бул жерде шарўашалық, қусшылық, балықшылық кәрханаларының потенциалы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Мәмлекетимиз басшысына Ипотека банк тәрепинен Қытай технологиясы тийкарында балық жетистириў жойбары усынылды.

Әдетте балықшылық хожалықлары бир гектар көлде 3-4 тоннаға шекем балық жетистиреди. Бул интенсив усылда бир гектар жасалма көлде 100 тоннаға шекем балық алынды. Сонша өнимди жетистириўге тек ғана алты ай ўақыт керек болды.

Бул технология биофильтр, ультрафиолет жәредминде саатына 200 тонна суўды тазалап, кислородқа байытып береди. Бир гектар көлдеги суўды тазалаў ушын 3 күн ўақыт керек болады. «Valliy Fish» ЖШЖ тәрепинен Әндижан ўәлаятында әмелге асырылған бул тәжирийбе оғада нәтийжели болып, ҳәзирги ўақытта Улуғнор районында 60 исбилермен 100 Қытай технологиясын қуйыўды баслады. Бул интенсив усыл жәрдеминде ўәлаятта жылдың ақырына шекем 10 мың тонна балық жетистириў мүмкин дегени.

Бул жойбар мәмлекетимиз басшысына мақул болды. Балықшылықта Әндижан технологиясын барлық ўәлаятларда да әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди. Жақын күнлерде ўәлаят ҳәкимлериниң аўыл хожалығы бойынша орынбасарлары ушын Әндижан районында көргизбели семинар шөлкемлестирилип, балық жетистириўде Қытай технологиясы үйретилетуғын болды.

– Әндижанда қарамал аз, гөш басқа жерлерден алып келинип атыр. Қоян, қус, балық көбейтилип, гөши пайдаланыўға шығарылса, ўәлаятта гөштиң баҳасы түседи. Кәмбағал шаңарақларға тарқатылып, кластерлер тәрепинен қайта сатып алынса, оларға дәрамат болады. Экономикалық комплекс ҳәм сектор басшылары усының менен шуғылланыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы Әндижан ўәлаятына сапары даўамында «Заманагөй аўыл» жойбарының презентациясы менен танысты.

Бул бойынша Пахтаабад районы Бостанабад аўылы және Қўрғантепа районы «Жаңа турмыс» мәҳәллеси ушын дәслепки бас реже ислеп шығылған. Оған муўапық, аўыллық аймақларға зәрүр инженерлик коммуникациялары тартылып, көп қабатлы турақ жайлар қурылады. Олар, бәринен бурын, бир үйде көпшилик болып жасап атырған, мүтәж шаңарақларға бериледи.

022f4a80-5ca9-85ef-4866-c005f14f6fd7.jpg

«Заманагөй аўыл»да мектеп, балалар бақшасы, медицина мәкемесинен тысқары өндирис, хызмет көрсетиў тармақлары «Book cafe», минибанк шақапшасы, спорт-кеўил ашар орынлары, автобәндирги, халық ушын барлық қолайлықлар жаратылады. Усы тәризде аўылларымыз да келешкте заманагөй, жасаўға қолайлы орынларға айланады.

Президентимиз бул бойынша Әндижан тәжирийбесин жаратыў кереклигин атап өтти. Бул ушын айрықша жойбар ислеп шығыў, «Заманагөй аўыл»дағы турақ жайларды басқа турақ жайларға салыстырғанда арзанлатыў бойынша көрсетпелер берилди.

Бул жерде ўәлаятта кәмбағаллықты қысқартыў, ипотека кредитлери тийкарында жеке тәртиптеги турақ жайларды қурыў-оңлаў жойбарлары додаланды.

Президент Шавкат Мирзиёв Әндижан қаласында Digital City атлы технопарк пенен танысты.

Жақында ғана 5,6 гектар майданда қурып питкерилген бул комплекс мәлимлеме технологияларын ҳәм инноациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў, программалық өнимлердиң экспортын жолға қойыўға қаратылған. Ҳәзирги күнде бул жерге районлардан 328 қәниге тартылған.

Мәмлекетимиз басшысы  жаслар менен сәўбетте оларды турақлы үйрениў, излениўге шақырды.

– Оғада дурыс жолды таңладыңыз. Бул – көп қырлы ҳәм перспективалы тараў. Сизлер басқалардан 10-15-жыл алдында жүриўиңиз керек. Ең әҳмийетли бағдарлар бойынша програмаллық өнимлер жаратып, халқымызға ҳәм сырт ел адамларына қолайлы хызметлер көрсетип, ҳәм шаңарағыңызға, ҳәм жәмийетимизге пайда келтириўиңиз мүмкин, – деди Президент.

487282fd-1ade-2ebc-23a1-2a811f1f8e23.jpg

Технопаркте жергиликли  жаслар, исбилерменлер, жаңа өнер үйрениў тилегинде болған пуқаралар ушын кең қолайлықлар жаратылған. Соның ишинде, коворкинг орайы, дата-центр, конференц-зал, китапхана, инновациялық лаборатория ҳәм оқыў ханалары, бизнес инкубатор, медиа орай, киберспорт ханасы шөлкемлестирилген.

Районларда мәлимлеме технологиялары бойынша баслаўыш оқыў курслары болады. Олардан таңлап алынған жаслар Digital Cityдде  интенсив түрде инглис тилине оқытылып, хызметлер көрсетиўге IT  таярланады. Технопарктеги 76 тыңлаўшыға мөлшерленген залда бир жыл ишинде 2 мыңнан аслам адамды оқытыў мүмкин.

Мәлимлеме технологиялары ҳәм инновациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў, программалық өнимлердиң экспортын жолға қойыў мақсетинде ислеп шығылған Digital City    жойбары мәнисине бола, Ташкенттеги IT  парктен соң шөлкемлестирилген екинши, ўәлаятлар көлеминде болса биринши болып есапланады.

Комплексте жатақхана ҳәм асхана шөлкемлестирип, шараятларды және де жақсылаў, бундай технопарклерди мәмлекетимиздиң басқа аймақларында да ашыў бойынша көрсетпелер берилди.

Президентимиз Digital Cityдиң мақсети ҳәм ўазыйпалары, онда жаратылған шараятлар менен танысып, келеси 5 жылда Өзбекстан ушын  бул тараўды раўажландырыў тийкарғы ўазыйпалардан бири болып қалыўы, жасларды жумыс пенен тәмийнлеў, экономиканы жедел раўажландырыўда тараўдың имканиятларынан үнемли пайдаланыў зәрүрлигин атап өтти.

Бул жерде жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, мектеп питкериўшилерин фриланс базарына таярлаў бағдарындағы жумыслар бойынша мәлимлеме берилди.

Әндижанда да узақ-жақын районларда фрилансерлик жумысы, яғный аралықтан турып бағдарлаў ҳәм хостинг хызметлерин көрсетиў менен шуғылланып атырған қәнигелер бир талай. Digital City («Санлы қала») технопаркиндеги коворкинг орайы олардың жумысын аңсатластырады, техника, офис қәрежетлерин қысқартады. Буннан тысқары, орайда дизимнен өткен программистлер дүнья базарына өз хызметин ҳәм өнимлерин экспорт етиў, шериклер табыўы аңсат болады.

92ee5faa-62cd-6079-af48-b61169f9d2e7.jpg

Усы жыл январь-май айларында ўәлаятта дерлик 19 мың жастың бәнтлиги тәмийинленди. Жыл ақырына шекем және 24 мыңнан аслам жигит-қыздың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша мәнзилли реже ислеп шығылған. Соның ишинде, исбилерменлик ҳәм өндирис, аўыл хожалығы, қурылыс сыяқлы тараўларда жаслар ушын жаңа жумыс орынлары шөлкемлестириледи.

2019/2020 оқыў жылында ўәлаяттағы улуыўма билим бериў  мектеплериниң 11-классын 40 мыңнан аслам оқыўшы тамамлайды. Олардың арасында сораўнама нәтийжелерине бола 12 мыңнан аслам оқыўшы жоқары билимлендириў мәкемелеринде, дерлик 6 мыңы техникум ҳәм кәсип-өнер колледжлеринде оқыў, қалғаны әскерий хызметке барыў, өнер үйрениў, исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегинде.

Ҳаял-қызлардың машқалаларын үйрениў, оларды материаллық ҳәм мәнаўий қоллап-қуўатлаў бойынша мәнзилли илажлар да додаланды. Бул бағдардағы бағдарлама шеңберинде жыл даўамында ҳаял-қызлар ушын турақлы жумыс орынларын жаратыў, субсидиялар ажыратыў, ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға тартыў ҳәм өзин-өзи бәнт еткен ҳаялларға мийнет гүўалықларын бериў арқалы улыўма 10 мың 88 ҳаялдың бәнтлиги тәмийинленеди.

Мәмлекетимиз басшысы жоқары оқыў орнына кире алмаған жаслар менен мәнзилли ислесиў, олардың қызығыўшығын ҳәм уқыбын үйренип, кәсипке бағдарлаў бойынша тапсырмалар берди.

Президентимиздиң Әндижан ўәлаятына сапары даўам етпекте.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Фахриддин УБАЙДУЛЛАЕВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары