Бүгинги күнде пүткил дүнья жүзинде коронавирус пандемиясының тарқалыўына байланыслы барлық мәкемелер менен оқыў орынларында, китапханаларда ҳәм басқа да кәрханаларда жумыслар, оқыўлар тоқтатылып, белгили бир мүддетке шекем карантин дәўири енгизилди. Усы дәўирде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы Балалар китапханасы китап оқыўшыларға аралықтан турып хызмет көрсетиў мақсетинде социаллық тармақлар арқалы онлайн хызмет көрсетиў жумысларын әмелге асырып келмекте.

«Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!», «Сиз ҳәм биз үйде қалып китап оқыймыз» сүрени астында Балалар китапханасы тәрепинен китапқумарлықты ен жайдырыў ҳәм китап оқыўшылары ушын қолайлықлар жаратыў және мектеп жасындағы балаларымыз ушын электрон сабақлық китаплар хызмети жолға қойылған. Тийкарынан https://t.me/Virtual_Sabaqliq, https://t.me/virtual_kitapxana,  @balalarkitapxanasi «Китапқумарлар», «Сиз ҳәм биз үйде қалып китап оқыймыз», «Мен сүйген китап», «Bilim al\ hammeden alda bol» топарлары арқалы оқыўшылар өзлери қызыққан китапларды буйыртпа етип алып, оқып келмекте.

Бүгинги күнге келип социаллық тармақлардағы Виртуал китапхана хызметинен 16 мың 400 ден аслам оқыўшы пайдаланып, олар ҳәр қыйлы илим және билимлендириў тараўларына байланыслы электрон ҳәм аудио китапларды, сабақлықларды, балалар әдебиятларын ҳәм ертек китапларды алып оқымақта. Сондай-ақ, китапханашылар тәрепинен оқыўшылар ушын тармақта ҳәр қыйлы сораў-жуўаплы ойынлар, сүўрет салыў бойынша таңлаўлар, қызықлы викторина ойынлары ҳәм логикалық сораўлар билимданы сыяқлы турнирлер шөлкемлестирилип барылады.

«Қызықлы инглис тили» дөгереги онлайн тәризде оқыўшыларға сабақлар өтип, инглис тилин өзлестириўде жақыннан жәрдем берип атыр. Карантин дәўиринде мектеп оқыўшыларының бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў ушын Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң руўхый-ағартыўшылық ислери бөлими, Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлими ҳәм Республикалық Балалар китапханасы менен биргеликте «Үйде қалың!» сүрени астында «Ана тилим –  мениң қәлбимде» атамасында 1-10-май аралығында онлайн тәризде https://t.me/Paytaxt_City телеграмм каналының @Paytaxt_city_bot    арқалы таңлаў шөлкемлестирди.  Таңлаў Нөкис қаласындағы улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары (9-11-класслар) арасында ана тилимизге болған ҳүрмет, Ўатан сүйиўшилик, инсаныйлық, дөретиўшилик қәбилетлерин китапқумарлық мәдениятын қәлиплестириў ҳәм миллий шығармалар жаратыўды жолға қойыў мақсетинде өткерилди. Оған 57 оқыўшының шығарма жумыслары ҳәм жеке дөретпелеринен ибарат қосықлары келип түсти. Жеңимпаз оқыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен 2019-2020-оқыў жылының жуўмағында Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

Китап – инсанның саналы өмириниң, руўхый дүньясының бас тымсалларынан деп саналып келинеди. Инсан өзиниң руўхый дүньясын китап арқалы байытып барады, өзине керекли жақсы тәрепин сиңдирип алады. Солай екен, елимиздиң және де гүллеп, раўажланыўы ушын өз үлесимизди китапқумарлықты раўажландырыў арқалы қосып атырғанымызға қуўанышлымыз.

 

З.РАМБЕРГЕНОВА,

Балалар китапханасының бөлим баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги