Президентимиздиң басламасы менен шөлкемлестирилген «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекети ҳәзирги коронавирус пандемиясы дәўиринде халқымызды және де бирлестирип, мүтәжлерге мийрим-шәпәәт көрсетип, жәрдем қолын созыў сыяқлы халқымыздың әзелий дәстүрлерин өзинде сәўлелендирмекте.

Әсиресе, муқаддес Рамазан күнлери усындай ийгиликли ҳәрекетлер исбилерменлер, басшы хызметкерлер, сондай-ақ, ҳәр бир сақаўатлы инсан тәрепинен жәрдемге мүтәж инсанларға қайыр-сақаўат көрсетилмекте.

ӨзЛиДеПтиң Тахтакөпир районындағы белсендилеринен бири, «Пирнияз Тахта» фермер хожалығының баслығы Азат Султанов та бул ҳәрекетке қосылды. Өзи жасап атырған аймақтағы 10 кем тәмийинленген шаңарақты аталыққа алды ҳәм оларға азық-аўқат өнимлерин жеткерип берди.

– Усындай сынақлы күнлерде барлығымыз бирлесип ҳәрекет етсек барлығын жеңип өтемиз,-дейди А.Султанов.

Бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги