Бүгин, Елликқала районының «Бостан-18» фермер хожалығының майданларында туқымлық ғәлле атызларының апробациясын өткериў бойынша көргизбели семинар-мәжилис өткерилди. Онда районның тийисли фермер хожалықларының басшылары, аўыл хожалығы бойынша жуўапкер қәнигелер қатнасты.

Семинарда район ҳәкими С.Авезов, Қарақалпақстан Республикасы Туқымгершиликти раўажландырыў орайының баслығы З.Зиядуллаев, Аўыл хожалығы министриниң биринши орынбасары Ф.Нурмухаммадов, «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары Б.Исмаилов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, туқымгершиликти раўажландырыў бойынша күнниң әҳмийетли ўазыйпаларына кеңнен тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Елликқала районында аўыл хожалығы егинлери, соның ишинде, ғәлле туқымгершилигин раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Себеби, ҳәр қандай аўыл хожалығы егинлериниң өнимдарлығы таңлап алынған және сапалы туқымға байланыслы болады. Әсиресе, масақлы дәнли егинлердиң өнимдарлығының 50 проценти сорттың биологиялық қәсийетлерине, қалған ярымы сапалы таңлап алынған туқымлыққа және агротехникалық илажларға байланыслы.

Районда 15 туқымгершилик ғәлле жетистиретуғын фермер хожалықларында 279 гектар жерге туқымлық ғәлле егилген болып, соннан 838 тонна туқымлық ғәлле тапсырыў режелестирилген.

Семинарда туқымгершилик ушын жетистирилип атырған ғәлле атызлары апробациясы, ислениўи керек болған ўазыйпалар бойынша тийисли фермер ҳәм аўыл хожалығы хызметкерлерине тапсырмалар берилди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.