Twitter Incтиң коронавирус пандемиясы шараяты себепли аралықтан турып ислеп атырған хызметкерлериниң усы режимге ҳәмийше әмел етиўи мүмкин, деп мәлим етти компания.

«Соңғы бир неше ай       соны көрсетти, биз усы тәртипте (аралықтан турып) арқайын ислей аламыз. Егер үйде ислеп атырған хызметкерлеримизди усы шараят қанатландырып атырған болса ҳәм олар келешекте де аралықтан турып жумыс ислеўди даўам еттирмекши болса, буны әмелге асырыўға болады» – делинеди компания тарқатқан мәлимлемеде.

Сондай-ақ, компания өз офислериниң есигин сентябрьде ашатуғынын билдирди.

Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң соңғы мағлыўматларына бола, дүньяда коронавирусқа шалынғанлардың саны 4 миллион адамнан артқан, 278 мыңнан аслам наўқас қайтыс болды.

 

ӨзА