Шанхайда болып атырған 7-Қытай халықаралық импорт көргизбесине келген мәмлекетимиз Бас министри Абдулла Арипов кеше Қытай Мәмлекетлик Кеңеси Бас министри Ли Цян менен ушырасты. «China Daily» басылымы бул ушырасыў барысын толық сәўлелендирди.

Өз-ара қатнасықларға тоқтап өткен қытайлы лаўазымлы ўәкиллер еки мәмлекет басшылары усы жылы еки мәрте ушырасқаны, улыўма келешекке қарай умтылып атырған Қытай ҳәм Өзбекстан кең жәмийетшилигин қурыў бойынша әҳмийетли келисимлерге ерисилгенин атап өткен.

– ҚХР Өзбекстан менен дослық келисимлерди анық ҳәрекет ҳәм бирге ислесиў нәтийжесине айландырып, халықларымызға көбирек пайда келтириў ушын ҳәрекет етеди, – деди Ли Цян. – Мәмлекетлеримиз өз-ара қатнасықларға турақлы стратегиялық, узақ мүддетли перспектива көз қарасынан қатнасы, бир-бириниң тийкарғы мәплери ҳәм тәшўишлерге байланыслы мәселелерде шеригин қатаң қоллап-қуўатлаўы, исенимли дос ҳәм шерик болыўы керек. Мәмлекетлеримиз раўажланыў стратегияларын және де тереңлестириўи, экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўи, байланыс инфраструктурасы қурылысын күшейтиўи, Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан темир жолын «Бир мәкан, бир жол» шеңбериндеги ең әҳмийетли жойбарға айландырыўы керек. Сондай-ақ, бул процессте жаңа энергия, санлы экономика, жасалма интеллект, трансшегаралық электрон коммерциялық, 5Г ҳәм жасыл кәншилик сыяқлы раўажланып атырған тармақлардағы шериклик потенциалынан пайдаланыўымыз жүдә әҳмийетли.

Сәўбет даўамында ҚХР тәрепи мәмлекетимиз бенен мәденият, билимлендириў, туризм ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў сыяқлы тараўларда бирге ислесиўди күшейтиўге таяр екенин билдирди.

Өз гезегинде ҳүкиметимиз баслығы Қытайдың табыслары ҳәм дүнья көлеминдеги тәсири артып баратырғанына жоқары баҳа берип, әйне ўақытта бул раўажланыў дүнья халқы ушын пайдалы болып атырғанын атап өтти.

– Өзбекстан «Бир мәкан, бир жол» басламасын қоллап-қуўатлайды ҳәм саўда, қаржы, энергетика, өндирис, байланыс, кадрлар алмасыўын, транспорт ҳәм логистика тараўларында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге таяр, – деди А.Арипов.

Сондай-ақ, Өзбекстан Бас министри «үш жаўыз күш» – терроризм, экстремизм ҳәм сепаратизмге қарсы биргеликте гүрес алып барылыўын атап өтип, мәмлекетимиз Өзбекстан – Қытай қатнасықларын және де раўажландырыўға жәрдем бериў ушын ШБШ ҳәм «Қытай Орайлық Азия» механизми шеңберинде қатнасықларды өз-ара муўапықластырыў ҳәм бирге ислесиўди күшейтиўге таярлығын мәлим етти.

 

Мусулмон Зиё, ӨзА