5-ноябрь күни Шанхай қаласында жетинши Қытай халықаралық импорт өнимлери көргизбесиниң рәсмий ашылыў мәресими шеңберинде халықаралық экономикалық форум өткерилди.

Илажда Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеңеси Бас министри Ли Уян, Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим, Қазақстан Бас министри Олжас Бектенов, Монголия Бас министри Лувсаннамсрайн Оюун-Эрдене, Сербия Бас министри Милош Вучевич, Жәҳән саўда шөлкеми бас директоры Нгози Оконжо-Ивеала (видеомүражат арқалы) ҳәм БМШ Саўда ҳәм раўажланыў бойынша конференциясы (ЮНКТАД) бас хаткери Ребека Гринспан (видеомүражат арқалы), Словакия, Әзербайжан, Саудия Арабстаны, Пакистан, Индонезия, Никарагуа, Танзания сыяқлы 182 мәмлекет, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Форумда Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов шығып сөйледи.

Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы байланыслар барған сайын беккемленип баратырғаны, онда мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев ҳәм ҚХР Баслығы Си Цзиньпин арасындағы тығыз, қызғын ҳәм дослық қатнасық үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Қытай Өзбекстанның ең ири саўда ҳәм инвестициялық бирге ислесиўшиси есапланады. Өткен жылы товар алмасыў 14 миллиард долларға жетти, жақын перспективада бул муғдарды 20 миллиард долларға жеткериў ушын барлық имканият ҳәм ең әҳмийетлиси, биргеликтеги раўажланыў ушын тилек бар екени мақулланды.

Соңғы жыллары Қытайдан республикамызға тартылып атырған тиккелей инвестиция бес есе, биргеликтеги кәрханалардың саны үш есеге артты. Биргеликтеги жойбарлар топламы 53 миллиард доллардан асламды қурады.

Қытайлы бирге ислесиўшилер менен бирге энергетика, химия, машина қурылысы, қурылыс материаллары, турмыслық техника, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў бойынша биргеликтеги жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.

Әнжуманда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен мәмлекет дүньяға ашылып атырғаны, инвестиция потенциалы раўажланып атырғаны, инвесторларға жаратылып атырған қолайлықлар избе-из кеңейтилип атырғаны ҳаққында да сөз етилди.

Атап өтилгениндей, соңғы бир неше жылда мәмлекетимизде 60 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициясы өзлестирилди. Халықаралық қаржы институтларының 14 миллиард доллардан артық қаржысы социаллық ҳәм инфраструктура тараўларын раўажландырыўға қаратылды.

2030-жылға шекем «жасыл» энергия дәреклерин 40 процентке жеткериў бағдарында жумыс алып барылмақта.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан барлық мәмлекетлер менен түрли тараўларда байланысларды кеңейтиў, атап айтқанда, товар алмасыў көлемин арттырыў, биргеликтеги инвестиция жойбарларын әмелге асырыў бойынша бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдар.

Форумнан соң делегациялар басшылары 73 мәмлекет қатнасып атырған көргизбениң жумысы менен танысты.

Атап айтқанда, “Made in Uzbekistan” атамасындағы павильонымызда санаат, геология, электротехника, қурылыс материаллары, химия, фармацевтика, туризм, мәлимлеме технологиялары, жеңил санаат, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери көрсетилмекте.

Көргизбе 10-ноябрьға шекем даўам етеди.

Мирҳабиб Сайфуллаев, ӨзА