Усы жылдың 30-апрель күни Президентимиз басшылығында өткерилген жыйналыста белгиленген тапсырмалар ҳәм қурамында жоқары оқыў орынлары болған министрлик, мәкеме, шөлкемлер тәрепинен билдирилген усыныслар тийкарында және абитуриентлерди артықша қыйнап отырмаў мақсетинде тек ғана 2020-2021-оқыў жылы ушын қабыллаў тест сынақлары мәжбүрий пәнлерсиз, 2 қәнигелик пәннен өткерилиўи жобаластырылмақта. Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайының рәсмий сайты хабар берди.

 

Бул қәнигелик пәнлер 2019-жылдың декабрь айында белгиленген тәртипте тастыйықланып, кең жәмийетшиликке жәрияланған еди.

 

Атап өтиў керек, инфекция пүткиллей сапластырылмаған шараятта абитуриентлердиң 1000 орынлық имаратларда 3-4 саатлап қалып кетиўине жол қойып болмайды. Сол себепли, быйылғы оқыў жылында тест сынақлары өткерилетуғын имаратларда ең көби 700 адамлық орынлар таярланады, ҳәр бир абитуриент ушын кеминде 3 кв.м орын ажыратылады, санитариялық-гигиеналық талапларға муўапық, олардың нықап, қолқап пенен тестте қатнасыўы тәмийинленеди.

 

Абитуриенттиң дене температурасы өлшенгеннен соң, имаратқа киргизиледи. Имаратлар кеминде 4 мәрте дезинфекцияланады.

 

Бул процеслер карантин шеклеўлери пүткиллей алып тасланғаннан соң да әмелге асырылады.

 

Әмелге асырылатуғын жумыслар ҳәм процеслер бойынша кең жәмийетшиликке мағлыўмат берип барылмақта.

 

Мәмлекетлик тест орайы кейинги оқыў жылынан баслап, барлық процеслер белгиленген тәртип-қағыйдалар тийкарында болыўы ҳаққында ескертип өткен.

 

Мәмлекетлик тест орайы абитуриентлерге тест сынақларына пәнлер бойынша сабақлықлар және 2019-жылы басып шығарылған «Тест тапсырмалары топламы» бойынша таярлық көриўи кереклигин мәлим еткен.

 

Коронавирус пандемиясы шараятында быйыл абитуриентлердиң үйинен шықпаған ҳалда дизимнен өтиўин шөлкемлестириў, тест сораўларын әпиўайыластырыў, кириў тест сынақларын әпиўайы формада ҳәм қысқа ўақыттың ишинде өткериў сыяқлы жеңилликлер жаратыў бойынша жумыслар алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.