ҚАЙЫРҚОМЛЫҚ

Елимизде коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде жәрияланған карантин дәўиринде кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаўда депутатларымыз белсендилик көрсетпекте.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Руслан Джумамуратов, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Тәжибай Романов Нөкис қаласындағы «Қурылысшы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында бир қатар хожалықларда болып, жағдайлары менен танысты.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен жолға қойылған «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекети исбилерменлеримиз ҳәм депутатларымыз тәрепинен қоллап-қуўатланбақта. Әсиресе, бундай қайырқомлық илажлардың муқаддес болған Рамазан айында  әмелге асырылып атырғаны менен әҳмийетли. Бир-биреўге мийрим-шәпәәт, мириўбетлик көрсетиў, халқымызға тән ағла пазыйлетлерден бири есапланады.

-Ҳәзирги ўақытша қыйыншылық дәўиринде партия ўәкиллери ҳәм депутатлар шаңарағымызға келип, азық-аўқат өнимлеринен жәрдем көрсетти,-дейди «Қурылысшы» мәкан пуқаралар жыйынының турғыны Ажар Темирова.- Буның ушын, оларға миннетдаршылық билдиремиз.

Сондай-ақ, «Әдалат» социал-демократиялық партиясынан халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутатлары Рахмет Ибрагимов ҳәм Сапура Исметова аймақтағы бир қатар шаңарақларға материаллық ҳәм азық-аўқат өнимлеринен жәрдем көрсетти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.