Бүгинги күнде дүнья жүзинде ҳаялларға күш көрсетиў инсан ҳуқықлары бузылыўының кең тарқалған көриниси сыпатында қаралмақта. Бул өз гезегинде, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын тәмийинлеў тараўындағы нызамшылықты және де жетилистирип барыўды талап етеди.

2019-жыл 2-сентябрь күни оғада әҳмийетли болған «Ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорлық етиўден қорғаў ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди. Бул Нызам 35 статьядан ибарат болып, онда ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорлық етиўден қорғаў бағдарындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары белгиленген. Нызамда ҳаял-қызларға қарата күш ислетиўди ҳуқықый жақтан баҳалаўда бирден-бир түсиникти тәмийинлеў мақсетинде жынысый, физикалық, экономикалық, руўхый зорлықлар ҳәм қорғаныў ордери сыяқлы тийкарғы түсиниклердиң мазмуны ашып берилген. Сондай-ақ, күш көрсетиўден ҳәм зорабанлықтан жәбирленген ҳаял-қызлардың ҳуқықлары айрықша норма менен беккемленген.

Нызамда жергиликли ҳәкимиятлар, бәнтлик, ишки ислер, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў мәкемелери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес шөлкемлердиң ҳаял-қызларды күш ислетиў ҳәм зорлық етиўден қорғаў бағдарындағы ўәкилликлери анық белгилеп берилген. Бул бойынша мәмлекетлик уйымлардың ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының бирге ислесиўин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылған.

Нызамда зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлар ҳаққында Мәмлекетлик статистика комитетинде бирден-бир электрон мағлыўматлар базасы жетилистирилиўине айрықша итибар қаратылған.

Күш ислетиўден ҳәм зорабанлықтан жәбирленгенлер тийисли уйымларға ямаса судқа мүрәжат етиў, бийпул ҳуқықый мәсләҳәт алыў, социаллық, психологиялық, медициналық ҳәм басқа да жәрдем алыў ҳуқықына ийе.

Соның менен бирге, 18 жасқа толмаған жәбирлениўшилерге ямаса суд тәрепинен қарым-қатнасыққа уқыпсыз деп табылған шахсларға байланыслы енгизилген қорғаныў ордери де усы нызам арқалы кепилленген.

Қорғаныў ордери – күш ислетиўден ҳәм зорлық етиўден жәбир көргенлерге мәмлекет қорғаўын усынатуғын, күш көрсетип атырған ямаса зорабанлық еткен шахсқа тәсир көрсетиў илажларын қолланыўға себеп болатуғын ҳүжжет болып табылады.

Нызамға муўапық, жәбирленген ҳәр бир ҳаял-қызға тийисли мағлыўматлардың сыр сақланыўы тәмийинленеди. Жәбирлениўшиге жәрдем көрсеткен шахсларға белгили болып қалған барлық мағлыўматлар шахсқа тийисли мағлыўматлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери менен қорғалады.

 

З.БАЗАРБАЕВА,

 Нөкис қаласы Әдиллик бөлиминиң аға мәсләҳәтшиси. 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.