Карантин дәўиринде өз жумысларын даўам етип атырған кәрханалар қатарында Елликқала районындағы  “BO’STON SILK”  ЖШЖны да атап өтиўимизге болады. Ол өз жумысын 2019-жылдың 1-сентябрь күни баслаған еди. Быйыл бул кәрхана жумыс көлемин кеңейтиў мақсетинде гилем тоқыў цехын иске қосыў алдында турыпты. Итибарлысы бул цех иске түссе жаңадан және 50 пуқара жумыс пенен тәмийинленеди

– Кәрханамыз жылына 144 тонна пиллени қайта ислеў қуўатлылығына ийе,-дейди кәрхана баслығы Баҳадыр Жарқынбаев. – Ҳәзирги ўақытта жәмийетимиз карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда жумыс алып бармақта. Усы жылдың өткен айлары даўамында алған 100 мың долларлық өнимлеримизди Ҳиндстанға экспортқа шығардық.

Өткен жылы 870 мың долларлық өним экспорт етилген еди. Экспорт көлеминиң ҳәм жумыс нәтийжелилигиниң артыўында, әлбетте, салық жеңилликлери қосымша дәрамат дәрегин жаратып атырғанлығын кәрхананың быйыл экспорт өнимлерин 1 миллион долларға жеткериўге ҳәрекет етип атырған ислеринде көриўге болады.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.