Оразбай (аты өзгертилип алынды) жаслығынан ерке өсип, кәмалға келди. Оны ата-анасы әлпешлеп ҳеш кимнен кем қылмай өсирди, үйлендирип үйли-жайлы етти. Бирақ, Оразбай үйли-жайлы, ҳәттеки үш перзенттиң әкеси болыўына қарамастан, қылмыс ислеўин тоқтатпады.

Ол 2018-жылда урлық ислегени ушын суд тәрепинен жуўапкершиликке тартылғанынан тийисли жуўмақ шығармай, 2019-жыл 18-декабрь күни спиртли ишимлик ишип, мәс ҳалында және өзгелердиң мүлкин жасырын түрде талаўды мақсет етеди.

Хожели районы орайындағы көп қабатлы турақ жайлардың биринде жасайтуғын пуқара Азамат Өтеповқа тийисли болған спорт велосипедин урлап, алып кетеди ҳәм жол-жөнекей бийтаныс пуқараға 280 мың сумға сатып, бул пулларға спиртли ишимлик алып ишеди.

Оразбайдың бул «қыңғыр иси» қырық күнге де жетпей әшкара болып, оның жынаяты судта көрип шығылады.

Кеширимлилик, инсаныйлық пазыйлетлери әзел-әзелден бизиң халқымызға тән әдет. Судта жәбиркеш Оразбайды кеширгенлигин, келтирилген зыянның қапланғанын билдиреди ҳәм судланыўшыны жазаламаўды сорағанлығы себепли миллий нызамшылығымыздағы жарасыў принципине тийкарланып, судланыўшы жуўапкершиликтен азат етилди.

Оразбай буннан өзине тийисли жуўмақ шығарып, дүзелиў жолына түседи, деп исенемиз.

 

И.АЛЛАНИЯЗОВ,

Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.